Усы жыл 15-февраль күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында режиссёр Д.Масаидов тәрепинен сүўретке алынған «Кўқон шамоли» фильминиң премьерасы болып өтти.

Дәслеп фильм режиссёры ҳәм актёрлары Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслардың қатнасында ушырасыў өткерди.

Онда режиссёр Д.Масаидов, актёрлардан Илҳам Бердиев  ҳәм Райхан Асадовалар сөзге шығып, Президентимиздиң парламентке жоллаған Мүрәжатында кинематография тараўын раўажландырыўға қаратылған мәселелер ҳәм «Кўқон шамоли» фильминиң мазмун-әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.

Буннан соң мийманлар Кино ҳәм телевидение режиссёрлығы, Драмалық театр ҳәм кино актёрлығы, сондай-ақ, Кино-телеоператорлық қәнигеликлеринде билим алып атырған студент-жасларға  шеберлик сабағын өтти.

– Бүгинги илаждан айрықша тәсирлер алдым, – дейди  Драмалық театр ҳәм кино актёрлығы қәнигелигиниң 2-курс студенти Нуратдин Артықов.  – Фильмди сүўретке алыў ҳәм оның  сапалы шығыўында нелерге итибар қаратыў кереклиги бойынша көплеген түсиникке ийе болдық. Бундай ушырасыўлар жийи-жийи өткерилип барылса, билимимиз және де жетилисип барады деп ойлаймыз…

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз тийис, тарийхый ўақыялар тийкарында сүўретке алынған фильмде 1809-жылларда Қоқанд ханлығындағы жәмийетлик-сиясий ўақыялар сөз етиледи. Фильм “Дилшоҳ медиа” киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған.

 

А.ОРАЗОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.