«Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында Арал теңизин қутқарыў ушын жабайы мийўе тереклерин егиў ҳаққында петиция жәрияланды.

Петиция авторының мәлим етиўинше, Арал әтирапындағы шөл аймақларында жабайы мийўе тереклеринен бағлар пайда етиў керек. Себеби, бундай тереклер суўды пуўландырмайды, керисинше, ҳаўадағы ығаллықты сорып, жер астында булақлар пайда болыўын тәмийинлейди.

Арал әтирапындағы шөл аймақларында жабайы мийўе тереклеринен бағлар пайда етиўдиң бир неше усыллары бар екенлигин жазған петиция авторы, буның әмелий нәтийжеси жоқары болатуғынлығын билдирип өткен.

Петиция улыўма 10 мың даўыс топлаўы керек болып, оған даўыс бериўдиң жуўмақланыўына 89 күн қалды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.