Соңғы ўақытларда пуқараларды алдаў жолы менен оларға тийисли банк пластик карталарынан нызамға қайшы түрде пул шешип алыў жағдайлары жийи-жийи ушыраспақта.

2019-жылдың 15-декабрь күни Беруний районында жасайтуғын пуқара М.Б.ның уялы телефонындағы «Telegram» социаллық тармағының «Jesco aksiyasi» топарынан оған «Сиз 75 мың сум пул утып алдыңыз, пулды телефон номериңизге таслап беремиз» деген мазмундағы SMS-хабар келген. Бул хабар арқалы М.Б.ның телефон ҳәм пластик карта номерлери анықланады. Бирақ, оның пластик карточкасына пул келип түспейди, керисинше, 868 мың сум пулы шешип алынады.

Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша жынаят иси ашылған.

 

Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызмети пуқараларымыздан Интернеттеги социаллық тармақларда жәрияланып атырған ҳәр қыйлы акцияларға исене бермеўди, өзлери танымайтуғын, билмейтуғын адамларға банк пластик карталарының серия номерлери ҳәм кодларын мәлим етпеў кереклигин ескертеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.