СУД ЗАЛЫНАН

Бүгинги күни елимизде исбилерменликти раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, ҳүкиметимиз тәрепинен оларға бир қатар жеңилликлер берилмекте. Буннан орынлы пайдаланған айырым исбилерменлеримиз жақсы нәтийжелерге ерисип, олар тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлер тек ишки базарымызды тәмийинлеп қоймастан, ҳәттеки сырт еллерге де экспортқа шығарылмақта. Усының нәтийжесинде халқымыз, соның ишинде, жасларымыз ушын жаңа жумыс орынлары жаратылып,  базарларымыздағы баҳалардың арзанланыўы өз унамлы нәтийжесин бермекте.

Деген менен, айырым пуқараларымыз усындай имканият және жеңилликлер берилиўине қарамастан, мийнетсиз дәрамат таўып, тез арада байып кетиўди мақсет етпекте. Олардың нызамсыз ҳәрекети түбинде жақсылаққа алып келмейтуғынын билседе, өзлерин билмесликке алып, қыңыр жолдан жүриўге ҳәрекет етеди. Нәтийжеде тек өзи, шаңарақ ағзалары жәбир шегип қалмастан, көпшиликтиң бийбаҳа ўақытларын бийкарға өткерип, ырысқы-несийбесинен айырады.

Төрткүл районынан «тепсе темир үзетуғын», енди ғана 29 жасты қарсылаған Жандулла Нурқасымов та (адам атлары өзгертилип алынды) усындай жолды таңлап, кейнинде өкинген пуқараларымыздан бири. Шаңарақлы, еки перзенттиң әкеси бола турып, аўылласларын алдаў арқалы «исбилерменлик» пенен шуғылланыўды мақсет етти.

Дурыс дәслебинде таңлаған жолы туўрыдай көринди. Ҳәр күни қалта толы «шықырлаған пул», «жегени алдында, жемегени артында» дегениндей. Бирақ, «Қыңыр истиң қыйығы қырық жылдан соң билинер» дегениндей, пулдың пуўы көзин байлап, бул истиң ақырын ойламады. Халқымызда «ҳәр бир истиң ақыйрын берсин»,-деген гәп бар. Солай екен, ҳәр қандай иске қол урмастан алдын, оның ақыбетин ойлаған шеп болмайды.

Енди тийкарғы ўақыяға өтейик. Судланыўшы Ж.Нурқасымов базарға барып, дәслеп алды-сатты менен, кейин ала арнаўлы гөш дүканын ашып, қассапшылық пенен шуғылланады. 2016-2019-жыллар даўамында бир нешше пуқараның қарамалын, қой-ешкилерин «пулларын кейин беремен» деген бәне менен алып, қайтарып бермеген.

Усы районда жасаўшы Р.Ташматов оның биринши «олжасы»на айланды. Оның еки бас танасын, бир бас сыйырын ҳәм бир қошқарын улыўма 16 миллион 900 мың сумға баҳалап, онлаған күннен пулын беремен,-деп алып кетти. Оларды үстине пул қосып сатып пайдалансада, ийесине тийисли пулларын қайтарып бермеген. Жәбиркештиң судта берген көрсетпесинде, оған бир нешше мәрте барғанын, «айланыс қылып отырған пулларым еди, кейинирек толық етип беремен», деген гәпине алданып,  және бир бас танасын 23 миллион 900 сумға берип, улыўма аласы пулы 40 миллион 220 мың сумға жеткенлигин билдиреди. Дурыс бир барғанында 12600 мың сумды қайтарып алды. Пулларды берип атырып оннан және мал сорайды. Көзин байладыма, ямаса пулын қайтарып берип атырып сорағанға ма, енди өзи емес, қоңсысын қармағына илиндирди. Анығырағы өзинде жоқ екенлигин, бирақ, қоңсысы И.Султановтың малларын сатайын деп отырғанын айтып, қол телефонының номерин берип кетеди.

Буны еситиўи менен, «жерден жети қоян тапқандай», тезлик пенен И.Султановтың үйиине жетип барады. Қоңсысынан еситкенин айтпай, сатыў мақсетинде бағып отырған бир бас танасын 4500 мың сумға, және бир аўылласы Ж.Шарапованың бир бас танасын 7600 мың сумға алып, улыўма жәбиркешлерге 68700 мың сум зыян келтирген.

Бул жынаят иси көшпели суд мәжилисинде көрип шығылып, судланыўшыға жаза тайынланғанда, оның қылмысынан пушайман екенлиги, жәбиркешлерден кеширим сорағанлығы, бөлип-бөлип болса да қарызларынан қутылғанлығы, шаңарақлы, еки перзенттиң әкеси екенлиги есапқа алынды. Дурыс, судланыўшы тийисли жазасын алды. Деген менен, бул ис пенен шуғылланбастан алдын оның ақыбетин ойлап көргенинде, жәбирлениўшилерди бундай әўере-сарсаңлыққа салмаған,  өзине болса, судланған деген «таңба» басылмаған болар еди. Бул қатарларларды оқып отырған ҳәр бир пуқара өзине тийисли жуўмақ шығарса, биз де мақсетимизге ерискен болар едик.

А. СЕЙТАНОВ,

Жынаят ислери бойынша Нөкис

районы судының баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.