«Бир неше ай алдын Халықаралық пресс-клубда Шерзодхон Қудратхўжаевтиң Арал аймағындағы жағдай ҳәм ол жерде сексеўил егиў жумыслары ҳаққындағы пикирлерин тыңладым. Дебат даўамында ол елимизде Қарақалпақстан ушын қайырқом, жомарт инсанлар бар ма, деген мазмундағы басламаны көтерди, – дейди мийнет ветераны Жанобиддин Солиев. – Шыны менен, терең ойландым. Бабаларымыз еккен мийўели нәллерден аталарымыз пайдаланды. Аталарымыз еккен нәллердиң рәҳәтин бизлер көрип атырмыз. Биз қашан егемиз, биз қашан балаларымыз ушын усы дәстүрди даўам етемиз?! Усы сораўлар шеңберинде Қарақалпақстан ушын өзим жетистирип атырған ыссыға ҳәм тәбияттың ҳәр қыйлы шараятларына шыдамлы тут нәллерин қайырқомлық сыпатында бериўди нийет еттим. Ҳақыйқатында да, мине усындай басламалардың басы ҳәм тийкаршысы болыў нийетим бар. Саўабынан үмитим көп. Тек ғана қай тәртипте, Қарақалпақстанның қай жерине, ким арқалы жибериўге ҳайранман». Бул ҳаққында «Халық сўзи онлайн» хабар бермекте.

 

Жанобиддин ата Солиев Ферғана ўәлаяты Риштон районы Оқ томир аўылының Боғистон көшеси 111-жайда жасайды. Узақ жыллар даўамында жәмийетлик хожалықта әпиўайы транспорт басқарыўшысы болып ислеген.

 

Мийнет ветераны Ш.Қудратхўжаев ҳәм басқа да жуўапкер тәреплерден ози жетистирген 1 000 дана тут нәлин Қарақалпақстанға жеткерип бериўге жәрдем сорамақта. Және бул баслама республика бойлап өзине тән челленджге айланыўынан үмит етпекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.