Халықтың экологиялық мәдениятын көтериў Өзбекстан Экологиялық партиясының бағдарламалық ўазыйпаларынан болып табылады.

Партия тәрепинен Халық билимлендириў, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлери ҳәм басқа да мәкеме және шөлкемлер менен биргеликте турақлы түрде «Ана тәбият», «Глобал ықлым өзгериўине бейимлесиў бойынша ең жақсы идея» сыяқлы жойбарлар әмелге асырылып, жаслардың итибарын экология мәселелерине қаратпақта.

Усы партияның Қарақалпақстан Республикалық партия шөлкеми тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде «Қумға шөккен кемелер» атамасында шөлкемлестирилген көргизбе де усындай ийгиликли мақсетлерге хызмет етеди. Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тәбияттаныў факультетиниң оқытыўшылары, студент-жаслары қатнасты.

Жас әўладтың экологиялық ҳәм эстетикалық мәдениятын көтериў, Арал теңизи ҳаққындағы билимин арттырыў, ана тәбиятқа ҳәм оның жемислерине меҳир-муҳаббатын оятыў мақсетинде өткерилген көргизбеде Арал теңизи, бүгинги күнде оның ултанында исленип атырған жумыслар, теңиздиң қурыўы дүнья жүзиниң глобал машқаласына айланғанлығы ҳаққында қызықлы мағлыўматлар берилип, жазыўшы-шайырлар Г.Дәўлетова менен Г.Нурлепесова Арал теңизине арнап жазылған қосық қатарларын оқып берди. Сондай-ақ, Арал теңизи ҳаққында видеофильм қойып берилди.

Көргизбеде 12-санлы Әмет бақсы атындағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшыларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди ҳәм усы мектептиң оқыўшылары қумлықта қалып кеткен кемелердиң сүўретлерин салды.

Көргизбе жуўмағында музей хызметкерлери жақсы сүўрет салған оқыўшыларды хошаметледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.