Ташкент педиатрия-медициналық институтының Нөкис филиалында жасларды миллий ҳәм диний қәдириятларды қәстерлеп-сақлаўға шақыратуғын «Жасларды жат идеялар тәсиринен сақлаўда шаңарақ ҳәм оқыў орынларының орны» атамасында үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди.

Илажда Имам ийшан Муҳаммед жомъе мешити имам-хатиби Б.Разов, Нөкис қалалық 2-санлы профилактика инспекторы, капитан Ж.Назарымбетов, қалалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Қ.Нуратдинов ҳәм басқалар терроризмге, диний экстремизм ҳәм фундаментализмге қарсы гүресиў бүгинги күнде дүнья көлеминде ең әҳмийетли машқалалардан бирине айланғанлығын атап өтти.

2017-жылдың 19-сентябрь күни БМШ Бас Ассамблеясының 72-cессиясында Президентимиз дүнья жәмийетшилигине республикамызда әмелге асырылып атырған түпкиликли реформаларға ҳәм қәўипсизликке тосқынлық етип атырған машқалаларға тоқтап, диний экстремизм ҳәм терроризм қәўпи соңғы жылларда күшейип баратырғаны, оған қарсы гүресиўде күш ислетиў нәтийже бермейтуғынлығын, жаўызлыққа қарсы тек мәрипат пенен гүресиў лазым екенлигин айрықша атап өткен еди. Арадан ўақыт өтип елимиз басшысының «Жаўызлыққа қарсы мәрипат пенен» идеясын өз ишине қамтып алған «Диний –ағартыўшылық тараўы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Нөкис қаласы Ишки ислер уйымлары жумысын муўапықластырыў бөлими, ҳаял-қызлар комитети, Жаслар аўқамы қалалық кеңеси, қаланың бас имам-хатиби, Республика Руўхый-ағартыўшылық орайының қалалық бөлими ҳәм басқа да бир қатар шөлкемлер менен биргеликте пайтахтымыз аймағымызда «Идеалогиялық үгит-нәсиятлаў» илажларын әмелге асырыў бойынша реже ислеп шығылған болып, бүгинги күнде оқыў орынларында ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери өткерилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.