Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекиясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның районлық бөлимлери инспекторлары, Суў хожалығы министрлигиниң қәнигелери менен Қарақалпақстан Республикасы Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастры басқармасы, сондай-ақ, оның районлық бөлимлери менен биргеликте оқыў семинары өткерилди.

«Өзагроинспекция» қәнигелери тәрепинен алып барылған семинарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-июньдеги «Аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәниси, усы пәрман тийкарында тастыйықланған «Жол картасы» тийкарында тийисли тараў басшыларына белгилеп берилген ўазыйпалар бойынша кең түрде түсиник берилди.

Атап айтқанда, жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы жерлериниң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланбаған жағдайлар бойынша, яғный, усы ресурсларды жарамсыз жағдайға алып келгени ушын жуўапкершиликти күшейтиў мәселелери оқытылды. Сондай-ақ, илажда усы пәрманның орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен 2019-жыл 20-декабрь күни «Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилгенлиги атап өтилди. Жаңа қарарда аўыл хожалығы жерлериниң пайдаланыўға жарамсыз жағдайға түсип қалыўына себеп болған юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге белгиленген жаза түрлери, аўыл хожалығы жерлеринде нызамбузыўшылық жағдайлары анықланғанда тийисли тәртипте Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў илажларын қолланыў ҳәм нызамбузыўшылар тәрепинен жеткерилген зыянды қаплаў тәртиплери түсиндирип өтилди.

-Өзбасымшалық пенен аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыў, олардың өнимдарлықтан шығыўына себеп болатуғын жағдайлар анықланғанда усы  қарар тийкарында жеткерилген зыян есапланады. Есапланған қәрежетлердиң 95 проценти республика бюджетине ҳәм 5 проценти Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы ҳәм оның қурамындағы инспекцияларды раўажландырыў фондына өндириледи,-дейди Инспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Аўыл хожалығына мөлшерленген суў ресурсларынан ҳәм жерден пайдаланыўды қадағалаў бөлими инспекторы Б.Ибрайимов. -Сонлықтан фермер, дийқан хожалықларының басшыларынан ҳәм жеке қыйтақ жер участкалары ийелеринен аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм өнимли пайдаланыў ды сорап қаламыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.