Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 12-февраль күни мәҳәлле системасын жетилистириў, мәҳәллелерде тынышлық-татыўлықты беккемлеў, жынаятшылықтың алдын алыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәҳәлле системасы жәмийетимиздиң ең әҳмийетли ҳәм таяныш буўыны есапланады. Соңғы үш жылда оны раўажландырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, мәҳәлле институтына байланыслы 38 нызам ҳәм нормативлик ҳүжжет қабыл етилди, 50 ден асламы жетилистирилди. Жәмийетлик турмыста белсендилик көрсеткен тараў хызметкерлери мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды. Пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәм жуўапкер хаткерлериниң айлық мийнет ҳақысы өткен жылдың өзинде 1,5 есеге арттырылды.

Кейинги үш жылда 624 мәҳәлле уйымы жаңадан қурылды, 2 мың 265  си реконструкцияланды ҳәм оңланды. 102 район ҳәм қала орайында «Мәҳәлле орайы» комплекслери қурылды. Ҳәр бир пуқаралар жыйынында «Кекселер мәсләҳәти» топарлары, 4 мыңнан аслам мәҳәлле имаратларында китапханалар шөлкемлестирилди.

Мәҳәлле белсендилериниң жуўапкер шөлкемлер ҳәм профилактика инспекторлары менен биргеликте соңғы үш жылда 87 мыңға шамалас кем тәмийинленген шаңарақ зәрүрлик дәрежесинен шығарылды.

Президентимиз мәҳәлле системасынан халық та, мәмлекет те толық разы емес екенлигин, бул тараўда кемшиликлер ҳәм әҳмийетли мәселелердиң көп екенлигин атап өтти.

Атап айтқанда, мәҳәллелерде 18 мыңнан аслам хызметкер жумыс алып барып атырған болса да, олардың жумысы нәтийжели шөлкемлестирилмеген. Шаңарақларда социаллық-руўхый орталыққа унамсыз тәсир көрсетиўши жағдайлардың алдын алыў бойынша система жолға қойылмаған. Ақыбетте айырым мәҳәллелерде тыныш емес шаңарақлар, ҳуқықбузарлықлар көбейген. Сондай-ақ, ҳаял-қызлар ҳәм жас өспиримлер арасында өз жанына қастыянлық етиў жағдайлары ушырасып атырғаны оғада ашынарлы.

Мәжилисте шаңарақтағы ажырасыўлар, жаслар саламатлығы, ерте туўыўлар, руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбияға байланыслы машқалалар атап өтилди.

– Шаңарақ – муқаддес деген әзелий ҳәм ийгиликли идея қәдирсизленип, мың жыллық миллий қәдириятларымыз жоқ болып кетер екен, бундай аўыр жағдайларды кемейтип болмайды. Бул ушын мәҳәлле үлкен социаллық күш сыпатында ортаға шығыўы керек. Себеби белсендилер, көпти көрген ақсақаллар, тәжирийбели нуранийлеримиз, егер қәлесе, жәмийетшилик пенен биргеликте ҳәр қандай машқаланы шешиўге, қәтеликке жол қойған жасларды дурыс жолға салыўға уқыплы, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте мәҳәллелердиң өзинде де бир қатар машқалалар бар екенлиги атап өтилип, оларды қоллап-қуўатлаў, мәҳәлле уйымларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў мәселелерине де итибар қаратылды.

Мәселен, бүгинги күнде 1 мың 234 пуқаралар жыйыны ҳәр қыйлы шөлкемлер ямаса исбилерменлерге тийисли имаратларда жайласқан. Және мыңнан асламы социаллық мәкемелерде, 78 и қоңсы мәҳәлле жыйынларының имаратларында жумыс алып бармақта, 48 мәҳәллениң имараты авариялық жағдайда. Мәҳәлле имаратлары ушын коммуналлық төлемлерди төлеў бойынша альтернатива ҳәм бирден-бир тәртип ислеп шығылмаған.

Мәҳәлле системасында кадрлардың тәжирийбесизлиги әддеттеги жағдайға айланған. Мәҳәлле хызметкерлерин оларға байланыслы болмаған жумыслар, мәжилис ҳәм басқа да илажларға тартыў қадаған етилген болса-да, бул бағдарда сезилерли өзгерислер болмай атыр.

Мәҳәлле пуқаралар жыйынларына 200 ден аслам ўазыйпа жүкленген. Бирақ тек ғана 2 штат бирлиги менен бир қанша ўазыйпаны орынлаў мүмкин бе, деп ойлап көрилмеген. Ҳеш бир ҳәким ямаса кеңес мәҳәллелер жумысының нәтийжелилигин арттырыў мәселесин додаламаған.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске жақында жоллаған Мүрәжатында мәҳәлле системасын өзгертиў, «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципин енгизиў зәрүр екенлигин атап өткен еди.

Видеоселектор мәжилисинде мине усы принципти әмелге асырыў, мәҳәлле системасын реформалаў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәллелерде жыйналып қалған машқала ҳәм кемшиликлерге нәтийжели шешим табыў, тынышлық-татыўлықты қәстерлеп сақлаў жолында барлық ҳәрекетлерди бирлестириў шәрт екенлигин атап өтти. Усы үлкен тараўға жуўапкер  өз алдына мәмлекетлик уйым –  Мәҳәлле ҳәм шаңарақ мәселелери министрлигин шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

Атап өтилгениндей, жаңа министрлик мәҳәлледен баслап республика дәрежесине 40 мыңнан аслам хызметкерди бирлестиреди ҳәм олардың «бир жағадан бас шығарып», бирден-бир мақсет жолында жумыс ислеўин тәмийинлейди. Бир сөз бенен айтқанда, орынларда машқалаларды шешиўдиң тутас ҳәм тәсиршең вертикал системасы жаратылады.

Министрдиң биринши орынбасары шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-руўхый мәселелерге жуўапкер етип белгиленеди. Министрдиң және бир орынбасары кекселерди социаллық хошаметлеў, жасларда ўатансүйиўшилик сезимин беккемлеў мәселелери менен шуғылланады. Шаңарақлық исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыў, қыйтақ жер ҳәм абаданластырыў, экология, бәнтликке жәрдемлесиў мәселелерине жуўапкер орынбасар лаўазымы енгизиледи.

Министр «Мәҳәлле» қорына, министрдиң биринши орынбасары «Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў» жәмийетлик фондына, Кекселер ҳәм ветеранлар бойынша орынбасар «Нураний» қорына басшылықты да атқарады.

Министрликтиң аймақлық басқарма ҳәм бөлимлериниң баслықлары ҳәким орынбасары есапланады. Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасының баслығы аймақлардағы ишки ислер басқармасы баслығының орынбасары дәрежесине көтериледи. Мәҳәлле ҳәм шаңарақ мәселелери министрлиги Ишки ислер министрлиги менен үзликсиз бирге жумыс ислейди.

Жаңа структурада ҳаял-қызлар менен ислесиўге тийкарғы әҳмийет қаратылады. Усы ўақытқа шекем ҳаял-қызлар комитетлеринде, мәҳәллелерде мийнет етип киятырған ҳаял-қызлар структурада жумысын даўам еттиреди, олардың абырайы, материаллық шараятлары ҳәм мийнет ҳақысы да сезилерли арттырылады.

Мәҳәлле баслығының ўәкилликли мүддети үш жылдан бес жылға өзгертириледи. Оның үш орынбасары лаўазымы енгизиледи. Профилактика инспекторы ендигиден былай мәҳәлле баслығының ҳуқық қорғаў мәселелери бойынша орынбасары болып ислейди. Ол да 5 жыл мүддетке тайынланады.

Мәҳәллелердеги ҳәр қыйлы бағдарлар бойынша шөлкемлестирилген, бирақ күтилген нәтийжени бермей атырған 12 жәмийетшилик комиссиясы менен структуралары да оптималластырылады.

Мәжилисте мәҳәлле институтының экономикалық-финанслық тийкарларын беккемлеў мәселелери де көрип шығылды.

Усы жылы 1-марттан мәҳәлле баслығы ҳәм оның орынбасарларының айлық мийнет ҳақысы орташа 1,35 есеге арттырылатуғыны белгиленди.

Мәҳәлле хызметкерлери ҳәм профилактика инспекторларының жумысын баҳалаўдың бирден-бир нормасы ислеп шығылады ҳәм нәтийжелилик рейтинги енгизиледи. Ҳәммеге үлги болатуғын мәҳәллелер анықланып, мүнәсип ҳошаметленип барылады.

«Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен», «Жаслар – келешегимиз», «Өнерментшилик» бағдарламалары шеңберинде мәҳәллелерге исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы ушын арзан кредит  қаржылары ажыратылады. Бул қаржылардың есабынан шаштәрезхана, нанбайхана, сондай-ақ, өнерментшилик, тигиў, кондитер цехлары, аталар шайханасы, гүзарлар шөлкемлестириледи.

Қаржы министрлигине мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаўдың экономикалық-финанслық тийкарларын пуқта ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға мәҳәллелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, олардың жумысына заманагөй мәлимлеме ҳәм санлы технологияларды енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәҳәлле пуқаралар жыйынлары ендигиден былай «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципин әмелиятқа енгизиў, социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, халықты исбилерменликке кеңнен тартыў, қыйтақ жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў, жер участкаларын нызамсыз ийелеўдиң алдын алыў, аймақты абаданластырыў сыяқлы мәселелер менен шуғылланатуғыны атап өтилди.

Пуқаралар жыйынларының жумысына тән болмаған 50 ден аслам ўазыйпа бийкар етилиўи, профилактика инспекторларына жүкленген артықша тапсырмалар да кескин қысқартылыўы белгиленди. Мәҳәлле баслығына қосымша ҳуқықлар берилип, абырай-мәртебеси күшейтилетуғыны атап өтилди.

Жуўапкерлерге «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципине тийкарланған жаңа системаны енгизиў, мәҳәллеге ҳәм қәдириятларымызға ҳүрмет сезимин қәлиплестиретуғын сахналық шығармалар ҳәм көркем фильмлер жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў бойынша тәсиршең системаны қәлиплестириў мақсетинде профилактика инспекторы көрип шығатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар санын арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ишки ислер министрлигине профилактика инспекторларына жаратылған шараятларды үйренип, таяныш пунктлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ўазыйпасы қойылды. Соның менен бирге, профилактика инспектораларының жумысын сын көзқарастан көрип шығып, бул ўазыйпаға мүнәсип хызметкерлерди тайынлаў бойынша тапсырма берилди.

Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында пуқаралар жыйынларының комплекслерин қурыў, бос турған имаратларға мәҳәлле уйымларын жайластырыў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Мәҳәллелерде аўызбиршилик ҳәм өз-ара мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў, жас әўладта ўатансүйиўшилик, мийнетти сүйиў сезимлерин беккемлеўде кекселер тәжирийбесинен пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәҳәлле ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша алып барылып атырған изертлеўлер көлемин кеңейтиў ҳәм әмелиятқа енгизиў мақсетинде «Шаңарақ» ҳәмә «Маҳалла зиёси» орайлары негизинде «Мәҳәлле ҳәм шаңарақ» илимий-изертлеў институтын шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәллелер миллий менталитетимиздиң айнасы екенин, жәмийетлик турмыста үлкен орын ийлейтуғынын атап өтип, Наўрыз байрамына үнлес тәризде 22-март сәнесин «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» деп жәриялаўды усыныс етти.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди, нуранийлер ҳәм белсендилер пикир билдирди.

 

ӨзА