Нөкис районында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде мийнет ярмаркасы, «Ишки ислер хызметкери ҳәм жаслар» ушырасыўы өткерилип, усы жердиң өзинде мәмлекетлик хызметлер орайы районлық бөлими тәрепинен көшпели дизимнен өткериў бойынша пуқараларға хызмет көрсетилди.

Райондағы 15-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде  болып өткен «Ишки ислер хызметкери ҳәм жаслар» ушырасыўында районлық Ишки ислер бөлиминиң баслығы С.Казбеков, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулманов, район ҳәкиминиң орынбасары М.Таджетов, «Нураный» қоры баслығы Т.Абдижаббаров, Өзбекстан жаслар аўқамы районлық Кеңесиниң баслығы М.Аметов ҳәм бирге ислесиўши шөлкем басшылары қатнасып, 200 ден аслам жәмлеспеген жаслардың мүрәжатлары тыңланды.

Өзине тән ҳәм дәстүрий мәжилислерден өзгеше өткен илажда мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери жаслардың машқалалары, пикир-усыныслары менен қызықты. Жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Жас әўлад ўәкиллериниң жетеўиниң машқаласы сол орынның өзинде шешилди. Атап айтқанда, 4 жастың жумыс пенен тәмийинлеў мәселесине байланыслы, екеўиниң дийқан хожалығы ушын жер орын ажыратыў бойынша мүрәжаты орнында қанаатландырылып, бир жасқа ҳуқықый мәсләҳәт берилди. Сондай-ақ, 5 жастың машқалаларының шешими бойынша анық мүддетлер белгиленип, бәнтлик мәселесинде мүрәжат еткен 4 жастың, нан цехын шөлкемлестириў ушын имарат ажыратыўды соранған 1 жастың машқалаларын шешиў бойынша тийисли уйымлардың басшыларына тапсырмалар берилди ҳәм орынланыўы қадағалаўға алынды.

Ушырасыў даўамында көпшилик жаслар тәрепинен ишки ислер уйымларының жумысына болған қызығыўшылық ҳәм хызмет процеси менен тиккелей танысыў тилеги билдирилди. Бир қатар белсенди жасларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен ноутбук, китаплар топламы ҳәм ҳүрмет жарлығы тапсырылды. Буннан соң гезектеги илаж мектептиң ҳәўлисинде даўам етти. Бул жерде мәмлекетлик хызметлер орайының Нөкис районлық бөлими ўәкиллери қатнасыўшыларды электрон дизимнен өткерди.

Усы жылдың 4-февраль күни 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде  «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўы өткерилген еди. Сол ушырасыўда билдирилген мектеп оқыўшыларының саз әсбаплары кереклиги ҳаққындағы мүрәжаты қанаатландырылып, «Ишки ислер хызметкери ҳәм жаслар» ушырасыўында тапсырылды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.