Елимизде “Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халықымызға хызмет етиўи керек” деген принцип тийкарында орынларда ушырасыўлар өткерилип, пуқаралардың дәрт ҳәм тәшўишлери, қыйнап киятырған машқалаларын шешиўде нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиндеги Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы депутатлық топары ағзасы Светлана Мамутова “Водник” посёлка пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасты. Бул ҳаққында ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баспасөз хызмети хабар берди.

Ушырасыў даўамында пуқаралардың социаллық мәселелер бойынша мүражатлары тыңланды. Қуўанарлысы, аймақ турғынларының көшелерде жақтыландырыўшы электр үскенелериниң жоқ екенлиги бойынша еткен мүрәжаты сол жердиң өзинде унамлы шешилип, тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен жақтыландырыўшы үскенелер орнатылды.

Сондай-ақ, жыйын турғыны, 65 жастағы Б.Ешниязовтың ҳал-жағдайынан хабар алынып, оның электр энергиясына болған мүтәжлиги толық қанаатландырылды.

– Төрт жыл даўамында электр энергиясыз жасап келдик, ­ дейди Б.Ешниязов. – Мине бүгин депутаттың жәрдеми менен үйимиз электр тармағына жалғанды. Буның ушын ҳүкимет ағзаларына өз миннетдаршылығымды билдиремен…

Әлбетте, бул илажлар халықтың жасаў шараятын жақсылаў бағдарындағы жумыслардың әмелий көриниси болып табылады.

 

А.Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.