Усы жыл 10-февраль күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты М.Ибрагимов Хожели районы «Қулап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде пуқаралар менен ушырасты.

Илажда депутат Президентмиздиң парламентке жоллаған Мүрәжатының мазмун-әҳмийети, белгилеп берилген ўазыйпалар бойынша сайлаўшылар менен  сәўбетлести. Ушырасыў даўамында оннан артық мүрәжатлар тыңланып, айрымлары сол жердиң өзинде өз шешимин тапқан болса, аймақта балалар бақшасын қурыў, «Қайраңлы», «Найман» ҳәм «Қаракөл» аўылларында электр энергиясындағы үзилислер бойынша еткен мүрәжатлар тийисли шөлкемлер менен биргеликте депутатлық сораўнамалар жибериў арқалы қадағалаўға алынатуғынлығы атап өтилди.

Сондай-ақ, депутат усы күни райондағы 1-санлы Мехрибанлық үйинде де болып, тәрбияланыўшыларға жаратылған шараятлар, балалардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылған дөгереклер, китапхана ҳәм балалардың қол өнерлери менен жақыннан танысты.

Мехрибанлық үйи жәмәәти менен сәўбетлесиўде  жасалма газонның ескиргенлиги себепли жаңадан спорт майданшасын қурыў, сондай-ақ, көшелерде  турмыслық шығындыларды таслайтуғын қутыларды көбейтиў кереклиги бойынша мүрәжатлары тыңлады.

Буннан соң, депутат Мехрибанлық үйи тәрбияланыўшыларына саўғалар берди. Өз гезегинде оқыўшылар миннетдаршылық сыпатында «Таң ғумшалары» ансамли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасын қойып берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.