Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-февраль күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.

Сәўбетлесиўде мәмлекет басшылары көп қырлы Өзбекстан – Россия бирге ислесиўи жедел раўажланып атырғаны және стратегиялық шериклик ҳәм аўқамлық қатнасықлары избе-из беккемленип атырғанлығын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

2019-жылда өз-ара бирге ислесиўде салмақлы әмелий нәтийжелерге ерисилгени ҳәм барлық дәрежедеги байланыслар сезилерли жеделлескени айрықша атап өтилди.

Атап айтқанда, еки тәреплеме товар алмасыў көлеми жоқары пәт пенен турақлы артпақта. Бир жылдың өзинде 500 қоспа кәрхана шөлкемлестирилди, Россияның жетекши компаниялары ҳәм банклериниң қатнасыўында экономиканың әҳмийетли тармақларында тийкарғы инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы алмасыўлар кеңеймекте.

Сөйлесиў ўақтында жоқары дәрежедеги илажлардың режеси додаланды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Россия Федерациясына мәмлекетлик сапарының күн тәртибин таярлаў, соның ишинде, сапар етиў шеңберинде  гезектеги аймақлар ҳәм ректорлардың әнжуманларын, медиа-форум ҳәм басқа илажларды өткериўге айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиздиң Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына басшылығы жылында Өзбекстан ҳәм Россия бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.

Халықаралық ҳәм регионналлық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.

 

ӨзА