Қарақалпақстан Республикасының Беруний районында 12-февраль саат 11:30 ларда 1984-жылы туўылған А.Б. өзиниң басқарыўындағы «Matiz» автомашинасын «Абай» АПЖ аймағынан өтетуғын «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» А-380 жолының 645-километринде басқарып баратырып, жол тайғанақ болғанлығы себепли қарама-қарсы жөнелиске шығып кетип, қарсы алдында ҳәрекетленип киятырған, 1987-жылы туўылған Ш.Т. басқарыўындағы «MAN» жүк автомобили менен соқлығысқан. Ақыбетинде жүк автомобили жолдың шетине аўдарылып кеткен. Бул ҳаққында ИИМ баспасөз хызмети хабар берди.

Жүз берген жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде «Matiz» автомашинасының басқарыўшысы А.Б., жолаўшылардан 1990-жылы туўылған С.М., 2019-жылы туўылған М.Қ. және 1965-жылы туўылған Т.Р.лар ўақыя орнында қайтыс болған.

Сондай-ақ, «Matiz» автомашинасындағы басқа жолаўшылардан 1989-жылы туўылған С.С., 2000-жылы туўылған Д.Қ. және «MAN» жүк автомобилиниң басқарыўшысы Ш.Т.лар жарақат алып, емлеўханаға жатқарылған.

Бул жағдай бойынша Беруний районлық ИИБ жанындағы Тергеў топары тәрепинен Жынаят кодексиниң 266-статьясы 3-бөлими менен жынаят иси ашылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.