Өткен жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша көшип келгенлер саны 10 мың адамды қурады. Соннан 9,8 мың адам республика аймақларынан, 0,2 мың адам сырт еллерден көшип келген. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы хабар берди.

Басқарма мағлыўматында келтирилиўинше, көшип кеткенлер саны 14,2 мың адамды қурады. Соннан 10,6 мың адам республика аймақларына, 3,6 мың адам сырт еллерге көшип кеткен.

Миграция сальдосы минус 4,2 мың адам болып, 2018-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда минус 4 мың адамды қурады.

Миграция сальдосының жоқары дәрежеси Шымбай (минус 869 адам), Қоңырат (минус 535 адам) ҳәм Хожели (минус 471 адам) районларында бақланған.

Миграция сальдосының унамлы дәрежеси Нөкис қаласында (плюс 234 адам) бақланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.