Бүгин таңда көплеген ғалаба хабар қураллары тәрепинен Ташкент қаласы жол патруль хызмети хызметкерлериниң арнаўлы формалары жаңа көриниске алмасқаны ҳаққында хабарлар тарқалды.

Ташкент қаласы Ишки ислер Бас басқармасы, жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, кеше 11-февраль күни басқарманың бир бөлимине жаңа түрдеги формалар тарқатылған.

Усы формалар сынаў тәризинде берилген болып, ҳәзирше басшылар тәрепинен тастыйықланбаған.

Баспасөз хызмети ўәкилиниң атап өтиўинше, Ташкент қаласы жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының бестен бир бөлимине ғана усы формалар тапсырылған.

Олардың көриниси ҳәм қолайлығы бойынша ҳәзирше наразылықлар жоқ. Солай екен, жаңа форма тез арада тастыйықланыўы да мүмкин.

 

ӨзА