Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) Европа регионаллық бюросының директоры Ханс Клюге Өзбекстан денсаўлықты сақлаў министрлигинде брифинг өткерди.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми БМШтың қәнигелескен мәкемеси болып, қурамына 194 мәмлекет ағза болып қосылған.

Бул бюро дүньяның түрли аймақларында алты регионаллық уйымға ийе. Оған 53 мәмлекет, соның ишинде, Өзбекстан да ағза есапланады. Денсаўлықты сақлаўдың ҳәр қыйлы бағдарларында илимий ҳәм техникалық қәнигелер жәмәәтинен ибарат усы бюроның бас резиденциясы Копенгаген қаласы (Дания)нда жайласқан. Ҳәзирги ўақытта оның 29 мәмлекетте 4 филиалы ҳәм уйымлары жумыс алып бармақта.

Өзбекстанда ЖДСШның ўәкилханасы жумыс алып барады. Усы шөлкемниң тийкарғы ўазыйпасы денсаўлықты сақлаў системасына тутас қатнас жасаў тийкарында турақлы денсаўлықты сақлаў сиясатын ислеп шығыўға жәрдемлесиў болып есапланады. Сондай-ақ, улыўма жетекшиликти тәмийинлеў, жергиликли дәрежеде техникалық байланыслар орнатыў, стандартларды белгилеў ҳәм шәртнамалар дүзиў, кризис дәўиринде денсаўлықты сақлаў илажларын муўапықластырыў ҳәм әмелге асырыў сыяқлы ўазыйпаларды да қамтып алған.

ЖДСШ ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаўдың әҳмийетли мәселелеринде жақыннан бирге ислесип келип атырғанын атап өтиў керек. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 7-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша комплексли илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен тастыйықланған 2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясын жаратыўда ЖДСШ экспертлериниң үлкен жәрдемин атап өтиў керек. Халықаралық экспертлердиң жәрдеми менен елимизде денсаўлықты сақлаўды қаржыландырыўды  жақсылаў, мәжбүрий медициналық қамсызландырыў ҳәм электрон денсаўлықты сақлаў системасын енгизиў сыяқлы бир қатар нәтийжели илажлар көрилмекте.

Буннан тысқары, усы жылы 24-январьда Президентимиз Олий Мажлиске Мүрәжатында денсаўлықты сақлаў тараўына айрықша тоқтап, системаны қаржыландырыўды түп-тийкарынан реформалаў мақсетинде мәжбүрий медициналық қамсызландырыўға байланыслы нызамлар қабыл етиў ҳәм оны әмелге асырыў бойынша барлық шөлкемлестириўшилик илажлар ислеп шығылып, бул система быйыл Сырдәрья ўәлаятында тәжирийбе сыпатында басланатуғыны ҳаққында айтып өтти.

Брифингте Сырдәрья ўәлаятында Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми экспертлериниң жәрдеминде медициналық хызметлердиң жаңа моделлери бойынша қоспа пилот жойбары басланғаны атап өтилди. Жойбар әллеқашан жақсы нәтийжелер берип атырғаны ҳәм мәмлекет оны басқышпа-басқыш пүткил мәмлекет бойлап енгизиўди режелестирип атырғаны атап өтилди.

Илажда бул шөлкем менен Өзбекстан арасында денсаўлықты сақлаў тараўында алып барылып атырған бирге ислесиў ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Ханс Клюге ЖДСШ, соның ишинде, оның Европа регионаллық бюросы Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады. Денсаўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылып атырған жойбарларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

Сол күни Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм ЖДСШның Европа регионаллық бюросы арасында 2020-2021-жылларға мөлшерленген еки жыллық бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылды. Өз-ара мәсләҳәтлесиў тийкарында ислеп шығылған бул ҳүжжет бирге ислесиў ушын тийкар болып хызмет етеди.

ЖДСШның Европа регионаллық бюросының директоры Ханс Клюге басшылығындағы делегация ағзалары елимизге сапар етиў даўамында бир қатар медициналық мәкемелер ҳәм қәнигелестирилген илимий-әмелий медициналық орайлардың жумысы менен де танысыўды режелестирген.

 

Саидмурод РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы