Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-февраль күни коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм де жәмийетлик қадағалаў системаларын жетилистириў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Коррупция экономиканың раўажланыўы, шын мәнисиндеги қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталық ушын ең тийкарғы тосқынлықлардан бири болып есапланады. Таллаўларға бола, бул иллет дүнья экономикасына ҳәр жылы орташа 2,6 триллион доллар зыян келтиреди.

Мәмлекетимиз де усы машқаладан толық қутылмаған. Дүньядағы коррупция дәрежесин үйренетуғын «Transparency International» халықаралық шөлкемниң индексинде Өзбекстан соңғы үш жылда 12 басқышқа көтерилген болса-да, еле бул иллет сапластырылмаған.

Ўатанласларымыздың пикиринше, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, банк, бажыхана, суд, прокуратура, ишки ислер, коммуналлық хызмет тараўларында, сондай-ақ, пуқараларды жумысқа қабыл етиўде коррупция кеңнен тарқалған. Мысал ушын, таллаўларға бола, денсаўлықты сақлаў системасындағы қәрежетлердиң 25-30 проценти нәтийжесиз жумсалмақта. Көплеген тараўларда мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў системасы ашық-айдын емес.

Мәмлекетимиз басшысы жақында Олий Мажлиске Мүрәжатында коррупцияның ақыбетлери менен гүресиўден гөре, ўақтында алдын алыўға өтиў зәрүрлигин атап өтип, оған қарсы гүресиўге жуўапкер болатуғын айрықша уйым дүзиўди усынған еди. Мәжилисте усы жаңа структураны шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Коррупция дәрежеси жоқары болған тараўларда бул иллеттен қутылыў бойынша бағдарлама ислеп шығып, орынланыўын шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Коррупцияға қарсы гүресиўдиң ең тийкарғы жолы мәмлекетлик уйымлардың жумысын ҳәм жумыс процеслерин ашық-айдын етиў болып есапланады. Онда ең тийкарғы итибарды жумысқа қаратыў, мәмлекетлик сатып алыўлар, рухсатнама ҳәм лицензиялар бериў сыяқлы процесслерде ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратыў зәрүрлиги белгиленди.

Әдиллик министрлиги ҳәм Бас прокуратураға Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы менен бирге ислесиўде министрлик, компания ҳәм ҳәкимликлерде ишки коррупцияға қарсы илажларды ислеп шығатуғын ҳәм әмелге асыратуғын «комплаенс қадағалаў» системасын енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда, мәмлекетлик хызметкерлердиң мүлкин ҳәм дәраматларын декларациялаў системасының барлық шөлкемлестириўшилик-хуқықый тийкарларын ислеп шығып, әмелиятқа киргизиў шәртлиги атап өтилди.

Жуўапкерлерге сырт ел тәжирийбеси тийкарында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша структураны шөлкемлестириўге байланыслы ҳүжжетлерди ислеп шығыў  бойынша тапсырмалар берилди. Усы структура тек коррупцияға қарсы гүресиўде барлық күш ҳәм қуралларға ийе болыў кереклиги атап өтилди.

Бул иллетке қарсы гүресиўдеги әҳмийетли қураллардан және бири – жәмийетлик қадағалаў болып табылады. Бүгинги күнде елимизде 10 мыңнан аслам мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумыс ислемекте. Бирақ олардың орны ҳәм белсендилиги сезилмей атыр. Себеби бул шөлкемлердиң мәплерин көрсетиўши, мәмлекет пенен көпир ўазыйпасын атқарыўшы бир тутас система жоқ.

Ҳәзирше жәмийетшилик пенен ислесиў системасы орынларда ҳәм тараўларда халқымызды қыйнап атырған мәселелерди мәмлекетлик көлемге алып шығып, шешиўде нәтийже көрсетпей атыр. Көплеген коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысы рәсмиятшылықтан ибарат болып қалмақта.

«Мәҳәлле» «Нураний» қорлары ҳәм Ҳаял-қызлар комитети сыяқлы ири структуралардан халқымыз қандай пайда көрип атыр, олар турмысымыздағы қайсы әҳмийетли мәселени көтерип, шешиўге еристи, деген сораўларға, тилекке қарсы, унамлы жуўап жоқ.

Сонлықтан Президентимиз Олий Мажлиске Мүрәжатында жәмийетлик қадағалаўды және де күшейтиў, мәмлекет ҳәм жәмийет арасында өз-ара жақын бирге ислесиўди орнатыў мақсетинде Жәмийетлик палатаны шөлкемлестириў усынысын да билдирген еди. Мәжилисте усы палатаның тийкарғы ўазыйпалары, шөлкемлестириўшилик тәреплери додаланды.

Жәмийетлик палата халық пикирин турақлы түрде үйренип барыўы, машқалалардың шешимин табыў бойынша мәмлекетлик уйымлардың алдына анық ўазыйпалар қойыў зәрүрлиги атап өтилди. «Жәмийетлик тыңлаў», «Жәмийетлик мониторинг», «Жәмийетлик экспертиза», «Жәмийетлик баслама» сыяқлы тәсиршең қадағалаў түрлерин турмысқа енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер және мәмлекетлик уйымлар жанындағы жәмийетшилик кеңеслериниң жумысын жанландырыў, оларға ҳәр тәреплеме методикалық жәрдем бериў ҳәм жаңа палата жумысының әҳмийетли бағдарларынан болады. Бул сыяқлы ўазыйпалардан келип шығып, Жәмийетлик палатаның шөлкемлестириўшилик-хуқықый  тийкарын жаратыў, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў бойынша 2020-2021-жылларда әмелге асырылатуғын илажлар бағдарламасын ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берилди.

Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының жумысын жетилистириў, жәмийет турмысына байланыслы мәселелерди үйрениў ҳәм нәтийжели шешиў бойынша усыныслар ислеп шығыў ушын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге грантлар ажыратыў мәселесине де тоқтап өтилди.

Додаланған мәселелер бойынша тийисли илажлар белгилеп алынды.

 

ӨзА