Филология илимлериниң докторы, профессор Қурбанбай Жәримбетовтың терең билимли алым екенлигин Николай Кунның «Легенды и мифы древней Греции» атлы китабын қарақалпақ тилине аўдарғанынан билдим. Бул жумысты ҳәр ким де атқара алмайды.

Себеби, усы китаптағы рәўият ҳәм сюжетлерди түсиниў ушын, бириншиден, көркем шығармалардың үлкен бир дәреги, яғный антик әдебиятты ҳәр тәреплеме ҳәм деталластырылған ҳалда билиў зәрүр.

 Екиншиден, усы үлкен әдебиятта бар болған жүдә көп қаҳарманлардың ҳәр бириниң антик мифологиядағы орнын, оның турмыслық жолын, тәғдирин ҳәм функцияларын үйрениў зәрүр. Себеби Николай Кун өз шығармасын оғада қысқа ҳәм ықшам жазған. Усы себепли бул баянлаў үлкен китапқа айланған.  Кун келтирген образларды түсиниў ушын аўдарманың негизги дәреклерине мүрәжат етип, усы мифлердиң толық версиясын үйрениў зәрүр еди.

Үшиншиден, антик мифология басқа бир дүнья, қарақалпақ ҳәм өзбек мифологиясы басқа бир дүнья. Олар бир-биринен кескин ажыралып турады. Сол себепли, Кунның сөзлери ҳәм түсиниклерин аўдарыў ушын оның барлық жазыўларын терең аңлап алыў керек еди ҳәм қарақалпақ тилинде адекват сөзлер және түсиниклерди табыў зәрүр еди.

Илимпаз бул соншелли қурамалы ўазыйпаны инабат пенен атқарды деп қанаатланыўшылық  пенен айтыў мүмкин.  Нәтийжеде қарақалпақ жаслары Орайлық Азияда биринши болып өз ана тилинде антик әдебияттай уллы ғәзийнениң қысқартылған баяны менен танысты. Буған себепши Қурбанбай Жәримбетов болды.

Егер кимде ким V-әсирден ҳәзирге шекем ҳәм әсиресе, V-әсирден XVIII-әсирге шекем Европа ҳалықларының ойшыллары тәрепинен жаратылған әдебий, тарийхый ҳәм философиялық шығармаларды оқыған болса, сол адам биледи, бул китаплардың көпшилигинде анаў ямаса мынаў тәризде антик әдебият идеялары ҳәм образлары, темалары ҳәм қаҳарманлары, сюжетлери ҳәм қәдириятлары өз көринисин тапқан. Себеби, қәнигелердиң айтқанындай, антик әдебият – бул адам баласының балалық дәўири. Өзиниң билими ҳәм руўхый дүньясы қәлиплесиўи жолында антик мифология менен таныспаған, оның өзгешеликлерин өз түсиниги ҳәм санасынан өткермеген ҳәм аңлап алмаған халықлар соңлығында мәдениятлы халық болыўы қыйын.

Европа Тиклениў дәўирин алайық. Ҳәммеге мәлим, усы әсирлер – адамзат тарийхында ең уллы шоққылардан бири деп есапланады. Бизиң пикиримизше, буған ҳеш ким гүманланбаса керек. Сораў пайда болады – Тиклениў дәўири екен, бул нениң тиклениўи? Бул орта әсирлердеги христиан дининиң мың жыллық «период мрачного средневековья» деп аталған, қақаман суўық басқышынан соң пайда болған инсан еркинликлери дәўири.

Бул еркинликлер неде көринди? Антик мәденияттиң гөззалығын дүнья халықларына қайтарып бериўде. Яғный, Тиклениў дәўири – бул антик мәденият қәдириятларының тиклениўи.

Профессор Қурбанбай Жәримбетовтың аты тек усы уллы руўхый тиклениў күшине ийе болған мәнаўий байлықларды миллий аўдармада қарақалпақ халқына усынғаны ушын әдебияттаныў тарийхында қалыўға ылайық. Бирақ илимпаз буннан тысқары өз ўатанласларына және басқа хызметлерди көрсеткенлерин де атап өтиў керек. Бул мәселеде мен өз итибарымды илимпаздың дөретиўшилигиниң және бир тәрепине қаратпақшыман.

«Әдебият» («литература») сөзин қәнигелер турақлы түрде XVIII-әсирден баслап қолланып келмекте. Буннан алдын поэзия, поэзиялық мийрасхор, халық аўызеки дөретиўшилиги деген түсиниклер қолланылып келинген. Жазба әдебияттың кеңнен тарқалыўына себепши – журналистиканың тийкарын салыўшы Иоганн Гуттенберг еди, себеби ол XV-әсирде ойлап тапқан баспа станоги әдебий китаплардың көп  нусқаларда басылып шығыўына себеп болды.

Соның менен бирге бул станок әдебиятты алдынғы  гөззаллығынан белгили бир мәнисте айырып қойғанлығын атап өтиў керек. Себеби жаңа баспа усыл (сол ўақытларда ол «немис мөжийзасы» деп аталған еди) кең аудиторияны аўызеки сөз қүдиретинен айырып қойды.

Бәршеге белгили болғанындай олар өз-ара әмелге асыратуғын күнделикли сөйлесиўден, аўызша сөз оғада бай информацияны жеткере алады. Баспа усыл адамларды сөйлеў арқалы сөзлердиң көп мәнилигин аңлайтуғын ҳәм түсинетуғын, рәң-бәрең сеслерден ҳәм даўыслап сөйлеў эстетикасынан ажыратты. Белгили инглис драматурги ҳәм эсселердиң авторы Бернард Шоу «аўа» деп айтыўдың 50 усылы бар, «яқ» деп айтыўдың 500 усылы бар, бирақ бул сөзлерди жазыўдың тек бир ғана усылы бар деп жазған еди.

Канадалы илимпаз, Торонто университетиниң профессоры Герберт Маклюэн (1911-1980) ғалаба хабар қуралларын үйрениў тараўында уллы хызметлери ушын журналистика теориясының қәнигелери тәрепинен соңғы 15-20 жылда анаў ямаса мынаў түрде медианың пайғамбары деп тәрийпленбекте. Атақлы алым әйне жанлы сөйлеўдиң шексиз күшин, аўызеки сөз арқалы сөйлесиў жәрдеминде аудиторияға жеткеретуғын кең көлемли экстралингвистикалық мәнилердиң бар екенлигин ҳәм бул байлықларды түсиндирип бериўге және усы имканиятларды медиа тараўында хызмет ететуғын қәнигелерге түсиндириўге ҳәрекет етти.

Маклюэн аўызеки усыл арқалы радионың тәсири қандай үлкен күшке ийе екенлигин дәлийлледи. Баспа текст аўызеки сөздиң жанын алды, оны күшинен айырды, сөздиң үнли тартымлылығынан ҳәм ҳәўижли ырғақларынан айырды, дейди автор. Яғный, оның пикиринше, информация жеткериўдиң аўызеки усылы басқа, жазба усылы басқа, бул еки усыл жеткерип берилип атырған информацияның мәнисине қатаң тәсир көрсетеди. Ол оннан усылайынша жуўмақ шығарды, информация жеткериў усылының өзи информация болып есапланады. 1964-жылы Нью-Йоркта басып шығарылған «Медианы түсиниў» деп аталған китабы ҳәм басқа да шығармаларда Маклюэн бул идеяны ҳәр қыйлы формаларда көп мәрте қайталайды. Жоқарыда келтирилген  Бернард Шоудың пикири бул сөзлердиң дурыс екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.

Қурбанбай Жәримбетов бул тараўда да жаңалық жаратты. Бул жаңалық соннан ибарат, илимпаз қарақалпақ жазба әдебиятын халықтың аўызеки дөретиўшилиги менен тығыз байланысқан ҳалда изертледи ҳәм олардың бир-бирине тәсирин үйренди. Мақаламызды оқыйтуғын адамлар тәрепинен «не болыпты, Жәримбетов аўызеки текстлердиң баспа түрин үйренген екен, ол алдынғы әсирлерде жасаған жыраў ҳәм бақсылардың өзин еситпеген екен-ғо», деген наразылықлар болыўы мүмкин. Оған жуўап берейик.

Дурыс, устазымыз ҳақыйқатында да Күнхожа, Әжинияз, Бердақ, Аяпберген Муўсаев, Ибрайым Юсупов ҳәм заманагөй шайырлардың шығармаларын тек ғана аўызеки түрин емес, ал китап формасындағы текстин де үйренген. Ҳәм поэзияның әйне баспа түрин көбирек изертлеген. Бул дурыс пикир. Бирақ ҳәмме гәп сонда, жазба қосықта сөзлердиң дүзилиси басқаша болады. Бул жерде әҳмийетли рольди ритмика ҳәм интонация атқарады. Шайырлар өз шығармаларын қолынан келгенше, максимал дәрежеде аўызеки сөзге уқсатып дүзеди, аўызеки сөздиң оригиналлығын сақлап қалыўға ҳәрекет етеди. Жазба поэзиялық шығармада аўызеки сөз жилўаланады, аўызеки сөздиң ритмикасы сақланады. Қалаберсе, бизиң пикиримизше, сөз өнери алдын поэтикалық формада пайда болып, соңынан прозаға өткен.

Солай етип, устаз жазба әдебият үлгилерин таллағанда оларға аўызеки дөретпелердиң ойнақылығы, сөзлердиң жилўасы менен имканиятларын қосып усы ғәзийнениң әҳмийетин шәкиртлери, студентлер ҳәм кең аудиторияға жеткере алды. Изертлеўдиң усы жолы менен илимпаз қосықлар ҳәм дәстанлардың көп мәнили сөзлер, үнли ҳәм сыйқырлы ырғақлары қарақалпақлардың жүрегине қалай жетип барғанын ҳәм қалай тәсир еткенин көрсете алды.

Оны тек ғана қарақалпақ халқының өзинен шыққан, оның тарийхын жақсы билетуғын, миллеттиң ой-пикири ҳәм тәбиятын терең түсинетуғын, сезимлери ҳәм зейни илгир адам ислеўи мүмкин еди. Қ.Жәримбетов мине усындай адамлардан болып есапланады.

Файзулла МЎМИНОВ,

Филология илимлериниң докторы, профессор

 

Дәрек:  «Қарақалпақ әдебияты» газетасы