Соңғы ўақытларда сырт еллерде, атап айтқанда, Қытай Халық Республикасында қәўипли жуқпалы  вирус пенен кеселлениў жағдайы ҳәўиж алғанлығы себепли республикамыз  дәриханаларында медицина нықаплары (маска) жеткиликсизлиги жүзеге келип атырғанлығы ҳәм оның усақлап сатыў баҳасы жоқарылап кеткенлиги, сондай-ақ, жөтел, грипп ҳәм аязға қарсы, иммунитетти беккемлеўши ҳәм жас-өспиримлерге мөлшерленген дәри-өнимлериниң усақлап сатыў баҳасында да өсиў жағдайы бақланғанлығы бойынша социаллық тармақларда хабарлар тарқалмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 31-октябрь сәнесиндеги «Халықты дәри өнимлери ҳәм медицина буйымлары менен тәмийинлеўди буннан былайда жақсылаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-2647-санлы қарарына тийкар сырттан алып келинетуғын сондай-ақ, мәмлекетимизде ислеп шығарылған дәри өнимлери ҳәм медицина буйымларын усақлап ҳәм көтере сатыў – оларды жеткерип бериўде қатнасыўшылар санына қарамастан көтере саўдасы ушын сатып алынған баҳасынан 15 проценттен, усақлап сатыў саўдасы ушын көтере саўда баҳасынан 20 проценттен артық болмаған муғдарларда шекленген саўда үстемелери қолланылған ҳалда әмелге асырылыўы белгиленген.

Бул бағдардағы жумысларды тартипке салыўда Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети жанындағы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў Агентлиги өз ўәкиллиги шеңберинде дәри өнимлери ҳәм медицина буйымлары ушын белгиленген көтере ҳәм усақлап сатыў саўда үстемелерине әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырады.

Өз гезегинде тийисли түрде (бир жыл даўамында еки ямаса оннан артық) лицензия талаплары ҳәм шәртлери, атап айтқанда, дәри өнимлери ҳәм медицина буйымларына баҳа белгилеў тәртиби, рецепт тийкарында берилетуғын ҳәм электрон саўдасы арқалы дәри өнимлери менен медицина буйымларын усақлап сатыў тәртибиниң бузылыўы – лицензия талаплары ҳәм шәртлерин тәртипсиз рәўиште  бузылыўы жағдайы есапланады ҳәмде бул фармацевтика жумысы ушын берилген лицензияның әмел етилиўин белгиленген тәртипте тоқтатылыўына алып келеди.

Сонлықтан, фармацевтика тараўында жумыс алып барыўшы исбилерменлик  субъектлеринен дәри өнимлери ҳәм медицина буйымларына баҳа белгилеў тәртибине, лицензия талаплары ҳәм шәртлерине қатаң әмел етиўин сораймыз. Солай екен, тутыныўшылардың фармацевтика өнимлерине болған талабын толық қанаатландырыўда жеке мәп ушын емес, халық мәпи ушын хызмет етейик.

 

Қарақалпақстан Республикасы

Монополияға қарсы гүресиў комитети.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.