Ҳәр жылы 9-февраль – уллы ҳәм ойшыл бабамыз Әлий   шер Наўайының туўылған күни мәмлекетимизде үлкен салтанат пенен белгилениўи жақсы дәстүрге айланған. Быйыл болса усы қутлы сәне және де көтериңкилик, өзгеше руўх пенен әдебият, мәнаўият, илим-мәрипат, дослық әййямы сыпатында өткерилди.

Шайырдың аты менен аталатуғын Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетине тутас аймақта бабамыздың естелиги бой тиклеген майданда Әлийшер Наўайының туўылған куниниң 579 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти. Ерте таңнан-ақ бул орай мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң хызметкерлери, сенаторлар, депутатлар, миллий мәдений орайлар, дөретиўшилик шөлкемлер, дипломатиялық корпуслардың ўәкиллери, жазыўшы-шайырлар, илимпазлар, әдебият ықласпентлери, жаслар, нуранийлер менен толы болды.

Navoiyga-gul (13).jpg

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Сирожиддин Саййид ҳәм басқалар мәмлекетимизде миллий әдебиятымызға, тәлим-тәрбияға итибар көрсетиў, устаз-муғаллимлердиң мийнетин ардақлаў, көркем өнер ҳәм мәдениятты раўажландырыў бағдарындағы ийгиликли ис-ҳәрекетлер жаңа руўх, өзгеше пәт пенен жолға қойлғанлығын атап өтти.

Ҳақыйқатында да, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен китапқумарлықты кеңнен ен жайдырыў, адамлардың дәрти, тәшўиши менен жасаў, турмысымызды және де абаданластырыў бағдарындағы кең көлемли реформаларда уллы ағартыўшыларымыздың бай мәнаўий мийрасын үйрениў, шығармаларының мазмун-мәнисин әпиўайы, кең түрде жасларға жеткериў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Бул ислер  миллий әдебиятымыз, ана тилимиз, мәнаўиятымыздың раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы бабамыз – Наўайының дөретиўшилигин үйрениўде, сырт елли илимий орайлар, университетлер, музей ҳәм архив фондлары менен бирге ислесиўди жолға қойыўда да айқын көзге тасланбақта.

Navoiyga-gul (14).jpg

Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылында да Наўайы бабамыз улығлаған, шағармаларының мазмун-мәнисине айланған идеялар – жаслардың кәмалатына, тәлим-тәрбиясына итибар, халықтың барлық қатламларының мәплерин қорғаў, илимди барған сайын раўажландырыў, сол арқалы елди және де абаданластырыўға байланыслы жумыслардың көлеми кем-кемнен артпақта. Президентимиздиң Мүрәжатында тилге алынған «ҳадаллық вакцина»сы әйне Наўайы, Бабур сыяқлы ағартыўшылардың шығармаларындағы пәклик, адамгершилик, туўры сөзлик сүренине жәмлескен.

Салтанатлы илажда әзербайжанлы наўайытаныўшы илимпаз, халықаралық Бабур сыйлығының ийеси Рамиз Асқар, аўғанстанлы шайыр ҳәм оқытыўшы, наўайытаныўшы Тошқин Баҳоий, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шебер шайыр ҳәм аўдармашы Николай Ильин Наўайы мийрасының мәңгилигин, дүнья жазыўшы ҳәм шайырлары, илимпаз ҳәм изертлеўшилери ушын бәрқулла илҳам дәреги болып хызмет етип атырғанлығын атап өтти.

– Он-он бес жылдан берли, өзбек әдебияты бойынша изертлеўлер алып бараман, – деди әзербайжанлы наўайытаныўшы илимпаз, халықаралық Бабур сыйлығының ийеси Рамиз Асқар. – 2009-жылда «XX әсир өзбек поэзиясының антологиясы»н баспаға таярладық. Онда көплеген өзбек шайырларының өмир жолы, дөретиўшилигинен үлгилер келтирилген. 2011-жылда «Бабурнама»ны әзербайжан тилине аўдардым. Өзбекстанда өткерилетуғын наўайытаныўшылыққа байланыслы илимий конференцияларда турақлы қатнасып келемиз. Уллы шайыр дөретиўшилигиниң қырлары илимпазларды заманларды басып өтип және көплеген изертлеўлер, излениўлерге баслап қалабереди.

Navoiyga-gul (18).jpg

– Наўайы ҳәм Бабурдың жерленген жеринен келип, бундай илажда қатнасып атырғанымнан оғада қанаатланаман, – деди аўғанстанлы шайыр Тошқин Баҳоий. – Ҳәзирети Әлийшер Наўайының дөретиўшилиги барлық түрк қәўиминиң бирдей мийрасы. Егер Өзбекстанда уллы инсан сыпатында оның туўылған күни соншелли үлкен таярлық пенен белгилениўине ерисилсе, Аўғанстан халқы ушын бул инсан ҳәм материаллық, ҳәм руўхый жақтан муғаллим, басшы ҳәм уллы мәмлекетлик ғайраткер сыпатында белгилениўи керек. Себеби бул инсанның басламасы ҳәм қоллап-қуўатлаўы менен Аўғанстанда көплеген объектлер, суў жоллары, көпирлер, емлеўханалар оңланды, қурылды, ел абат болды. Аўғанстандағы өзбек халқы әййемги заманлардан ҳәзирге шекем Наўайы шығармаларын оқыў менен саўат шығарады. Яғный, барлық медреселеримизде ҳәзирети Наўайының қол жазба шығармалары ямаса әййемги тасбаспалардан шыққан китаплары сабақлық сыпатында  қолланылған. Биз Әлийшер Наўайыдан ҳәр тәреплеме қарыздармыз.

Илажда белгили актёр, Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист Темурмалик Юнусов ҳәзирети Наўайы ғазеллеринен оқып берди. Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети жанындағы Жоқары әдебият курсының студентлери Әлийшер Наўайы ҳаққында туўысқан түрк әдебияттанышыўлары тәрепинен билдирилген пикирлерди ядтан айтты. Өзбекстан халық артисти Шерали Жўраев тәрепинен айтылған Наўайы ғазелине Аман Матжан мухаммес жазған қосықты илаж қатнасыўшылары үлкен көтериңкилик ҳәм алғыслар менен тыңлады.

Шайыр естелигине гүллер қойылды.

Салтанатта Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Хайриддин Султонов қатнасты.

*   *   *

Сол күни пайтахтымыздың Наўайы көшесинде Өзбекстан Илимлер академиясы Әдебият мәмлекетлик музейине тутас аймақтағы шайырдың естелиги жанында мүшайра болып өтти. Онда Аўғанстаннан келген өзбек шайыр ҳәм жазыўшылары да өз дөретиўшилигинен үзиндилер оқыды. Оқыўшы-жаслар уллы ойшылдың ғазеллерин өзбек, орыс, инглис тиллеринде ядтан айтты.

– Өзбекстанда Наўайы ҳәзиретлериниң туўылған күни әййямлары оғада көтериңки руўхта белгиленип атырғанлығының гүўасы болып атырмыз, – деди аўғанстанлы шайыр Ғуломсахий Вакилзода. – Аўғанстанның Қабул, Мозори Шариф, Ҳирот сыяқлы қалаларында да бул инсанның туўылған күн әййямлары белгиленеди. Әрманымыз сол, бундай дөретиўшилик илажлар және де көбирек өткерилсе, дөретиўшилик бирге ислесиўимиз даўамлы болса.

Бул сыяқлы илажлар мәмлекетимиз көлеминде болып өтти.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы