Шымбай районы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы, сенатор А.Данияровлардың қатнасында мәжилис болып өтти.

Илажда Халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутатлары, кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң басшылары, ҳуқық қорғаў уйымларының ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Шығып сөйлегенлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатынан, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының биринши мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинен келип шығатуғын ўазыйпаларға тоқтап өтилди. Елимиз басшысының атап өткениндей, бүгин көп миллетли халқымыз биз, басшылардан, бәринен бурын, жаңа сайланған депутат ҳәм сенаторлардан турмысымызды және де еркин, абат, ҳәм азат етиўге қаратылған әмелий жумысларды күтпекте. Бәршемиз сайлаўшылар алдында, ўатанласларымыз алдында бизге билдирилген жоқары исенимге ҳәр тәреплеме мүнәсип болыўымыз керек. Солай екен, орынларда депутатлар корпусы қаншелли күшли болса, жергиликли Кеңеслер ҳәм әлбетте, Сенат та соншелли күшли болады.

Илажда районлық Кеңестиң турақлы комиссияларына аймақта жумысларды шөлкемлестириў, сессияға мәселе таярлаў, тараўға байланыслы машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша түсиник берилди.

Усы күни район жаслары турмысында қуўанышлы ўақыя жүз берди. Район орайындағы «Шахтемир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Book Café» ниң ҳәм миллий кийим тигиў цехының ашылыў салтанаты болды. Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы, сенатор А.Данияровлар қатнасып, елимизде Президентимиздиң басшылығында жаслар арасында китапқумарлықты раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Исбилерменлер Бахтияр Қалилаев ҳәм Венера Сатуллаевалер басламасы менен қурып питкерилген китапханада жаслар ушын барлық шараятлар жаратылған. Жаслар бул жерде қарақалпақ, өзбек ҳәм жәҳән әдебияты менен танысыў мүмкиншилигине ийе.

Буннан кейин мийманлар мүсинши художник Д.Тәжимуратовтың үй музейинде ҳәм устаханасында болып, өзиниң ҳәм зергер улларының жумыслары менен танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.