Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы менен биргеликте «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономика – елимиздиң раўажланыў кепили» атамасында илаж өткерилди.

 Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске Мүрәжатын мазмун-мәнисин ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаў мақсетинде өткерилген илажда партияның аймақлық кеңесиниң хызметкерлери, жергиликли кеңес депутатлары, белсендилер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда  шығып сөйлеген Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партияның депутатлық фракциясы ағзасы, юридика илимлериниң докторы Р.Матқурбанов, Нөкис қалалық кеңесиниң депутаты, тарийх илимлериниң докторы Я.Абдуллаева ҳәм басқалардың атап өткениндей, елимиз басшысы тәрепинен жоқары оқыў орынларының жумысын қайта көрип шығыў, кириў сынақларын әпиўайыластырыў усынысы билдирилди. Әсиресе, жоқары мағлыўматлы жаслардың қатарын көбейтиў ҳаққындағы пикири халқымызды айрықша қуўанышқа бөледи. Сондай-ақ, илажда сиясий партиялардың алдына қойылған ўазыйпаларға тоқтап, халық қабыллаўханалары менен ислесиў, сайлаўшылар менен турақлы байланыс орнатыў бойынша пикир-усыныслар тыңланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.