Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-майдағы «Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўда миллий және халықаралық баҳалаў системаларының сертификатларын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, ҳәзирги ўақытта 12 шет тили бойынша сертификатлар бериў жолға қойылған. Бул сертификатқа ийе болған абитуриентлер жоқары оқыў орынларына шет тилинен өткерилетуғын кириў тест имтиханларында қатнаспай, максималл баллға ийе болады.

Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Музаффар Абдуллаевтың ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер менен өткерилген баспасөз конференциясында мәлим етиўинше, Мәмлекетлик тест орайының қәнигелери тийисли жуўапкер уйымлар менен биргеликте өзбек, қарақалпақ, рус тиллери бойынша, сондай-ақ, математика пәнинен усындай сертификат бериўди жолға қойыў бойынша әмелий жумысларды алып бармақта.

Бул бойынша қосымша мағлыўматлар бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.