Елимиздиң арқа-батыс шегараларын исенимли қорғаў, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты халқының тынышлығына, қәўипсизлигин тәмийинлеўге өзиниң мүнәсип үлесин қосып киятырған Арқа-батыс әскерий округиниң шөлкемлестирилгенине быйыл 21 жыл болды. Усы мүнәсибет пенен Нөкис гарнизонының Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында  байрам илажы өткерилип,  онда шығып сөйлегенлер пидайы, ўатансүйгиш, мийнеткеш әскерий хызметкерлерге Ўатанды қорғаўдағы машаққатлы хызметлеринде әўмет тиледи.

Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардасы, полковник Д.Чориев әскерий хызметкерлерди сәне мүнәсибети менен қутлықлап, әскерий округ ҳәм оның жеке қурамы бул жерде хызмет етип атырған пидайы ҳәм садық инсанлар себепли өткен жыллар даўамында үлкен жетискенликлерге ерисип, Президентимиздиң, халқымыздың алдында ҳүрмет ҳәм итибарға ерискенин атап өтти.

Мағлыўмат ушын, 1999-жыл 10-февраль күни дүзилген Арқа-батыс әскерий округи бүгинги күнде елимиздиң тынышлығын қорғаўда исенимли қалқан ўазыйпасын атқарып келмекте. Бүгинги күни әскерий округ халқымыз ҳәм армия арасындағы байланысты беккемлеў, армия ҳәм халықтың аўызбиршилигин тәмийинлеўде де әҳмийетли роль атқарып келмекте. Бул бағдарда халықтың кең қатламлары ҳәм жаслар менен ислесиўде, олар арасында ўатансүйиўшиликти үгит-нәсиятлаўда округ әскерлери өзиниң мүнәсип үлесин қоспақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қутлықлаўын Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Д.Қурбаниязов оқып еситтирди.

Бир топар әскерий ҳәм жумысшы хызметкерлерге, әскерий округте бурын хызмет етип кеткен Қураллы Күшлердиң ветеранларына мәмлекетлик сыйлықлар, Өзбекстан Қорғаныў министриниң «Жас әўладты әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери ушын», «Үлгили хызмети ушын» сыяқлы көкирек белгилери, «Ўатанды қорғаў – мәртлердиң кәсиби» сүрени ҳәм министрликтиң белгиси түсирилген естелик саўғалар, әскерий округ әскерлери сәркардалығының ҳүрмет жарлықлары тапсырылды. Сондай-ақ, бир қатар әскерий хызметкерлерге арнаўлы әскерий атақлар берилди.

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң басламасы менен аралас қурамдағы әскерий бөлимниң мүддетли әскерий хызметкерлери арасында өткен жылдан берли өткерилип киятырған «Ең алдыңғы қәниге» таңлаўының быйылғы финаллық басқышында мүнәсип қатнасқан ҳәм әскерий округтиң абырайын қорғаған бир топар әскерлерге алғыснамалар менен баҳалы саўғалар тапсырылды.

Байрам мүнәсибети менен көркем өнер ғайраткерлери ҳәм округтиң әскерий оркестриниң қатнасыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.