Усы жыл 7-февраль күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Нәшебентлик ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў» атамасында ушырасыў болып өтти.

Оған филиал профессор-оқытыўшылары, студент жаслар ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды филиалдың Жаслар менен ислесиў, руўхый ҳәм ағартыўшылық бөлими методисти О.Қдырниязова басқарып барды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының бөлим баслығы, подполковник Е.Қайыпназаров ҳәм Көркем өнер таныў факультети деканы Г.Ходжаметовалар сөзге шығып, жынаятшылықтың  унамсыз ақыбетлери ҳәм нәшебентликтиң инсан саламатлығына кери тәсир көрсетиўши иллет екенлигине айрықша тоқтап өтти.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, инсан организми нәшебентлик затларды қабыл еткеннен кейин оған үйренип қалыўы тәбийғый жағдай. Ол АИЖС, гепатит, туберкулёз сыяқлы кеселликлерди келтирип шығарады. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда нәшебентлик затларды қабыллаған ҳәр бир адам бир жыл даўамында орташа жети, сегиз адамды өзиниң қатарына қосады екен. Сонлықтан жасларды жәмийетимизге жат болған қәўиплерден қорғаў, ана Ўатанға ҳүрмет ҳәм миллий қәдириятлар руўхында тәрбиялаў баслы ўазыйпалардан саналады. Бул бағдарда жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылған үгит-нәсият илажларын турақлы түрде алып барыўмыз тийис.

Илаж соңында жасларды сергекликке шақырыўшы «Ажал оғуси» атлы ҳүжжетли фильм қойып берилди.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.