Өткен жылы Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларына кириў ушын өткерилген тест сынаўларында улыўма 51 409 абитуриент қатнасты.

Тест процеси 29-июньнан 14-июльға шекемги аралықта өткерилди.

Тест сынаўларының нәтийжелери бир күннен кейин Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты арқалы жәрияланды.

Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Музаффар Абдуллаевтың атап өтиўинше, усы күнге шекем жоқары оқыў орынларына кириў ушын тест өткерилетуғын ҳеш бир мәмлекетте тест нәтийжелери бир күннен соң жәрияланбаған.

Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы өткен жылы тест сынаўларының нәтийжелеринен наразы болған 53 абитуриенттиң аппеляциялық комиссияға мүрәжат еткенлигин мәлим етти (2018-жылда бул көрсеткиш 73 ке тең болған).

Аппеляциялық комиссияға мүрәжат еткенлердиң айрымлары жуўапларды белгилеўде қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығын атап көрсеткен. Соның менен бирге, сораўлар бетиндеги айрым техникалық кемшиликлер бойынша да мүрәжатлар келип түскен болып, улыўма аппеляциялық комиссияға мүрәжат еткен абитуриентлерден 4 мүрәжат олар пайдасына шешилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.