Президентмиздиң алға қойған бес әҳмийетли басламасында жасларды көркем өнердиң барлық түрине кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылған болып, бул бағдарда республикамызда нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Усындай илажлардың бири сыпатында өткен шемби күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Режиссёр-актёр мудамы ҳәрекетте» атамасында сахналастырылған әдебий кеше болып өтти. Оған филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Көркем өнертаныў факультети «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы тәрепинен шөлкемлестирилген кешеде студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарлама жыйналғанларға қойып берилди.

Илаж шеңбериндеги «Өмир» ҳәм «Арал» атамаларындағы сахналық көринислерде күнниң баслы мәселелеринен саналған қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў, әтирап аймақты абат етиў сыяқлы композициялық көринислер, сондай-ақ, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға қаратылған әдебий оқыўлар, жанлы ҳаўазда атқарылған йошлы қосықлар  қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

 

А.ОРАЗОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.