Бажыхана уйымлары тәрепинен мәдений байлықларды жасырын жол менен алып шығыўға урыныў тоқтатып қалынды, деп хабар бермекте Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баспасөз хызмети.

Нөкис халықаралық аэропорты арқалы сырт елге ушып кетпекши болған пуқара М.Б.ның ҳәрекетлери бажыханашылардың итибарын тартып, бажыхана тексериўи өткерилди. Нәтийжеде оның қара реңли сумкасында декларацияда көрсетилмеген ҳәм бажыхынашылар аўызеки сорағанда айтылмаған XIX әсирдиң екинши ярымында Хорезмде қуйылған Қоңыратлылар династиясы дәўирине тийисли 10 дана ески тийин бар екенлиги анықланды. Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.