Өткен жылдағы жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары процесинде абитуриентлер тәрепинен ең көп жол қойылған кемшилик – бул тест өткерилетуғын ўақыттан кешигип келиў болды. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Музаффар Абдуллаев ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер менен болған баспасөз конференциясында мәлим етти.

– Биз абитуриентлердиң рухсатнамасына тест өткерилетуғын орынға саат 07:30 дан кешикпей келиўи кереклиги ҳаққында ескертиў киргизгенбиз. Тест процеси саат 08:00 де басланған. Бирақ, соған қарамастан абитуриентлердиң кешигип келиў жағдайлары көп ушырасты, – деди М.Абдуллаев.

Абитуриентлерге тестке кириў ушын паспорт ямаса туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықтың түп нусқасы және абитуриент рухсатнамасы менен келиўи ескертилиўине қарамастан, паспортының орнына партияға ағзалық билети, паспорт нусқасы ҳәм усы сыяқлы басқа ҳүжжетлерди алып келиў жағдайлары да ушырасқан.

М.Абдуллаевтың мәлим етиўинше, өткен жылы Қарақалпақстан Республикасында 52 292 абитуриент ҳүжжет тапсырған болып, олардың 807 си тестке қатнаспаған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.