Бекчанов Халмурза Турсынбаевич Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының баслығы етип тайынланды.

Халмурза Бекчанов 1971-жылы Нөкис қаласында туўылған.

Ол 1994-жылы Ташкент архитектура ҳәм қурылыс институтын питкерген. 2000-жылы болса Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң сыртқы бөлимин питкерген.

2009-жылы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс академиясының қайта таярлаў курсында оқыған.

Мағлыўмат ушын, Халмурза Бекчанов усы лаўазымға тайынланғанға шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Бюджет, экономикалық реформалар ҳәм инвестициялар мәселелери комитетиниң баслығы болған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги