Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы Мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң буйрығы менен Юсупов Сардор Еркебаевич Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы баслығының биринши орынбасары етип тайынланды.

Ол 1986-жылы Беруний районында туўылған. 2005-жылы Ташкент қаржы-экономика колледжин, 2011-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин питкерген. Салық тараўындағы мийнет жолын 2011-жылы Беруний районы мәмлекетлик салық инспекциясы Камераллық қадағалаў секторы мәмлекетлик салық бас инспекторы лаўазымында ислеўден баслаған. Мийнет жолы даўамында районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығының орынбасары, инспекция баслығы, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының бөлим баслығы, Беруний районы ҳәкиминиң орынбасары лаўазымларында ислеген. Жаңа лаўазымға тайынланғанға шекем С.Юсупов Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң Бюджет дәраматларын прогнозластырыў басқармасы баслығы лаўазымында ислеп келген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.