Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде уллы ойшыл, сөз мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайы туўылғанының 579 жыллығына бағышланған «Миллет мәдениятының жетилисиўинде Әлийшер Наўайы әдебий мийрасының орны» атамасында илимий-әмелий әнжуман болып өтти.

Әдебий-көркем илажда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, шайыр Ә.Өтепбергенов, өзбек тили ҳәм әдебияты кафедрасының доценти Ҳ.Абдуллаев, түркмен тили ҳәм әдебияты кафедрасының ассистент-оқытыўшысы С.Авезқлычева шығып сөйлеп, түркий халықлар әдебиятындағы дөретиўшилик бирге ислесиў, ҳәзирги заман қарақалпақ әдебиятында шайырдың дәстүрлери, шайыр дөретиўшилигинде гуманизм ҳәм илим және өнердиң сәўлелениўи, Әлийшер Наўайы ҳәм түркий халықлар әдебий орталығы мәселелерине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, әдетте жәҳән жәмийетшилиги көпшилик халықты оның уллы ўәкиллериниң келбети арқалы таныйды. Неге дегенде миллет мәденияты ҳәм мәрипатының раўажланыўында салмақлы орын ийелейтуғын тарийхый тулғалар турақлы рәўиште заман, мәкан ҳәм имканият шегераларын кеңейтиўге умтылады. Усы көзқарастан қарағанда миллет философиясының тийкарын салыўшы, сөйлеў мәдениятының реформаторы, ески өзбек тили ҳәм әдебиятының    даңқын көтерген уллы жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик искер Әлийшер Наўайы дегенде жәҳән халықлары өзбек миллетин көз алдына келтиреди.

Илаждың екинши бөлиминде өзбек филологиясы факультетиниң студентлери тәрепинен шайырдың «Ҳайрат-ул аброр» ҳәм «Сабъаи сайёр» дәстанларынан сахналық көринислер атқарылды. Соның менен бирге, шеберлик пенен атқарылған қосық ҳәм аяқ ойынлар жыйналғанларға хош кейпият бағышлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.