Соңғы ўақытларда сырт еллерде, соның ишинде, Қытай Халық Республикасында қәўипли жуқпалы вирус пенен наўқасланыў жағдайы ҳәўиж алғанлығы себепли республикамыздың дәриханаларында медициналық нықаплардың жетиспеўшилиги ҳәм оның усақлап сатыў баҳасының кескин көтерилип кетиўи бақланбақта. Сондай-ақ, жөтел, грипп ҳәм аязлаўға қарсы, иммунитетти беккемлейтуғын және ержетпегенлерге арналған дәрилик затлардың усақлап сатыў баҳасының да көтерилип кеткенлиги ҳаққында социаллық тармақларда хабарлар тарқалмақта.

Усы мүнәсибет пенен Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў агентлиги баянат жәриялады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 31-октябрьдеги «Халықты дәри-дәрмақ затлары ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеўди буннан былай да жақсылаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, сырт еллерден алып келинетуғын, сондай-ақ, елимизде ислеп шығарылған дәри-дәрмақ затлары ҳәм медициналық буйымларды көтере ҳәм усақлап сатыў оларды жеткерип бериўге қатнасатуғынлар санына қарамастан, көтере саўда ушын сатып алынған баҳасынан 15 проценттен, усақлап сатыў ушын көтере баҳасынан 20 проценттен артық болмаған муғдарларда шекленген саўда үстемелери қолланылған ҳалда әмелге асырылыўы белгиленген.

Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў агентлиги өз ўәкилликлери шеңберинде дәрилик затлар ҳәм медициналық буйымлар ушын белгиленген көтере ҳәм усақлап сатыў үстемелерине әмел етилиўи бойынша қадағалаўды әмелге асырады.

Өз гезегинде, турақлы түрде (бир жыл даўамында еки ҳәм оннан аслам) лицензия талаплары ҳәм шәртлери, соның ишинде, дәрилик затлар ҳәм медициналық буйымларға баҳа белгилеў тәртиби, рецепт тийкарында берилетуғын және электрон саўда арқалы дәрилик затлар ҳәм медициналық буйымлардың усақлап сатыў реализациясы тәртибиниң бузылыўы – лицензия талаплары ҳәм шәртлериниң турпайы түрде бузылыў жағдайы болып табылады. Бул фармацевтикалық хызмет ушын берилген лицензияның әмел етилиўиниң белгиленген тәртипте тоқтатылыўына алып келеди.

Усы мүнәсибет пенен, фармацевтика тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлерден дәрилик затлар ҳәм медициналық буйымларға баҳа белгилеў тәртибине, лицензия талаплары ҳәм шәртлерине қатаң түрде әмел етиўин сораймыз, – деп жазылған баянатта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.