КӨШПЕЛИ СУД    

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды тәрепинен Кегейли районы «Жүзимбағ» аўыл пуқаралар жыйынында жәбиркеш З.Шортанованың жүре алмайтуғынлығы себепли көшпели суд мәжилиси өткерилди.

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының баслығы А.Сейтанов басшылығында өткерилген көшпели суд мәжилисинде гүманланыўшы Ф.Алламбергеновтың Өзбекстан Республикасы  Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлими менен топланған жынаят иси көрип шығылды.

Гүманланыўшы Ф.Аламбергенов 2019-жылдың 4-декабри күни саат 18.00 шамасында өзине тийисли «Ковальт» маркалы мәмлекетлик белгиси 95 D551 HA болған автомашинасын басқарып киятырып Кегейли районы Халқабад посёлкасы аймағынан өтип турған 4Р176-санлы «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» асфальт жолының 33-34-километри аралығында шығыстан батыс тәрепке қарай ҳәрекетленип киятырып, жолды қубладан арқа тәрепке қарай кесип өтип атырған пияда З.Шортанованы автомашинасының алды тәрепи менен дүгип алады. Нәтийжеде пияда дене жарақатын алып емлеўханаға түседи.

Суд-медициналық экспертизаның 2019-жылдың 19-декабрь күнги 439-санлы жуўмағы бойынша, жәбирлениўши өмири ушын қәўипли болған дене жарақатын алған. Жоқарыдағы ҳәрекетлери менен Ф.Аламбергенов Өзбекстан Республикасы  Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте гүман етилген.

Дәслепки тергеў дәўиринде гүман етилиўши ҳәм жәбиркеш арза менен мүрәжат етип, жарасқанлығы мүнәсибети менен жынаят исин қысқартыўды сораған.

Суд мәжилисинде жәбиркеш  жарасыў ҳаққындағы арзасын қанаатландырыўды, ҳеш қандай арза-даўы жоқ екенлигин, жеткерилген зыянның толық қапланғанын, арзаны өз қолы менен жазғанлығын, суд тәрепинен тастыйықланғаннан кейин келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлерди түсингенлиги ҳаққында көрсетпе берип, жынаят исин қысқартыўды соранған.

Өзбекстан Республикасы  Жынаят Кодексиниң 66-статьясына муўапық, Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислеген шахс, егер ол өз айыбына ықрар болса, жәбирлениўши менен жарасса ҳәм жеткерилген зыян толық қапланса, жарасқанлығы мүнәсибети менен жынайый жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин.

Солай етип, Ф.Алламбергеновтың бурын судланбағанлығы, айыбына толық ықрарлығы ҳәм жеткерилген зыянның толық қапланғанлығы, жарасыў гүман етилиўши ҳәм жәбиркештиң қәлеўи менен  болғанлығын есапқа алынып, оның қарсысындағы жынаят иси өндиристен қысқартылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.