Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында республикадағы барлық жоқары оқыў орынларының студентлери арасында «Жыл студенти-2019» республикалық таңлаўының жуўмақлаўшы басқышы болып өтти.

Таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышына 7 номинация бойынша Өзбекстан Республикасы бойынша 25 жоқары оқыў орнынан 32 студент қатнасты.

Таңлаў жуўмақларына муўапық, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3 студенти жеңимпазлар қатарынан орын алды.

Атап айтқанда, университеттиң дене мәденияты факультети студенти Сапура Қайыпназарова «Жылдың ең белсенди спортшы студенти» номинациясы бойынша 1-орынды, қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студенти Дильназ Адильчаева «Жылдың ең үлгили исбилермен студенти» номинациясы бойынша 1-орынды, география ҳәм тәбийғый ресурслар факультети студенти Атабек Раҳимбаев «Жылдың ең белсенди блогер студенти» номинациясы бойынша 3-орынды ийеледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.