2020-жыл 31-январь күни қабыл етилген «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлерине төленетуғын стипендиялар муғдарларын белгилеў және стипендиялар тайынлаў ҳәм төлеў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарарға муўапық, 2020-жыл 1-февральдан баслап оқыў семестри жуўмағы бойынша пәнлердиң 30 проценти ҳәм оннан жоқары бөлими «қанаатландырарлы» өзлестириў көрсеткишине ийе болған (рейтинг көрсеткиши – 71 баллдан аз) мәмлекетлик грант тийкарында оқып атырған студентлерге гезектеги оқыў семестри даўамында стипендия төленбейди.

2019-2020-оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында оқып атырған питкериўши курс студентлери буған кирмейди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.