Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында

Өзбекстан Республикасында «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» Мәмлекетлик бағдарламаларының орынланыўы, аймақлардағы әҳмийетли машқалалардың шешими ҳәм жаслар сиясатын әмелге асырыў ҳаққында презентация өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Турсунхон Худайбергенов депутатларға усы бағдарламалардың әмелиятқа енгизилиўи ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында социаллық тараўды раўажландырыў мәселесине айрықша итибар қаратылған болып, онда арзан турақ жайлар қурыў бойынша мақсетли бағдарламаларды әмелге асырыў, халықтың турмыс шараятының жақсыланыўын тәмийинлейтуғын жол-транспорт, инженерлик-коммуникация, социаллық инфраструктураны раўажландырыў ҳәм модернизациялаў сыяқлы зәрүр ўазыйпалар белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысының идеясы ҳәм басламасы менен елимизде турмыстың барлық тараўларында үлкен дөретиўшилик жумыслары, социаллық-экономикалық тараўларда ири жойбарлар турмысқа енгизилмекте. Бул процессте халық пенен турақлы пикирлесиў, үйме-үй жүриў арқалы ҳәр бир  шаңараққа кирип барыў, адамларды қыйнап атырған машқалаларды терең үйрениў ҳәм шешиўге тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Бундай ийгиликли жумыслардың негизинде, бәринен бурын, халқымызды турмыстан разы етиў сыяқлы уллы мақсет жәмленген.

Елимизде халық пенен қарым-қатнас жасаў, олардың арзыў-нийетлери, умтылыслары, турмыслық машқала ҳәм талапларын нәтийжели шешиў менен бирге, халықтың мәмлекетлик уйымларға исенимин беккемлеў бойынша әмелий ҳәрекетлер алып барылмақта. Итибарлысы, бул процессте барлық дәрежедеги басшылардың жумысында түпкиликли өзгерислер жүз берип, ашық-айдынлық көзге тасланды. Атап айтқанда, орынларда тийисли жуўапкер мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары ўәкиллериниң қатнасыўында машқалалар үйренилип, оларға шешим табыў илажлары көрилмекте.

Презентацияда келтирип өтилгениндей, өткен ўақыт даўамында Президенттиң Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханаларына 3,5 миллионнан аслам мүрәжат келип түскен болса, олардың 60 проценттен асламы қанаатландырылған. 2019-жылы келип түскен 1 миллион 72 мыңнан аслам мүрәжаттың 625 мыңнан асламы әмелде шешилген.

Өткен жылдың өзинде Халық қабыллаўханалары, секторлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте үйме-үй жүрип, 6 миллион жүз мыңнан аслам шаңарақта жасаўшы халық пенен жүзбе-жүз сәўбетлер өткерилди. Олардың машқалаларына шешим табыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжесинде ҳәр қыйлы бағдарларға байланыслы 984 мыңнан аслам мәселе орнында шешилди.

2019-жылы Президент Администрациясының жуўапкер хызметкерлери, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети сыяқлы министрликлер ҳәм шөлкемлер, ўәлаятлар, район ҳәм қалалардағы секторлар басшыларының 55 мыңнан аслам ғалабалық қабыллаўы шөлкемлестирилди. Оларда 453 мың 100 ден зыят мүрәжатшы ҳәр қыйлы тараўға байланыслы 466 мыңнан аслам мәселени көтерди. Көрилген илажлардың нәтийжесинде жәми мүрәжаттың 189 мың 530 ден асламы орнында шешилди. 184 мың 755 тен аслам мүрәжат ийесине ҳуқықый түсиник ҳәм мәсләҳәт берилген болса, 91 мың 710 нан көбирек мүрәжат қадағалаўға алынды.

2018-жылы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларына тийкарланып қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына 3 триллион сум қаржы қаратылған болып, нәтийжеде 416 аўыл жаңаша көриниске ийе болды. 2019-жылы усы бағдарламалар шеңберинде 479 аўылда, қалалардағы 116 мәҳәлледе кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары орынланды. Оған 6,1 триллион сум ямаса 2018-жылға салыстырғанда 1,5 триллион сум көп қаржы жумсалды.

2018-жылы Жиззақ ўәлаяты Дослық районының Манас аўылы, Мирзашөл районы орайы, Қоңырат районының Қарақалпақстан аўылы, Наўайы қаласынан 110 километр, Нурата районының орайынан 38 километр аралықта жайласқан Чуя аўылы, Наўайы қаласынан дерлик 400 километр, Тамды районы орайынан 140 километр аралықта жайласқан Өтемурат аўылы, Наўайы ўәлаятының орайынан 355 километр қашықлықта жайласқан Үшқудық районының Қулқудуқ аўылы, Самарқанд ўәлаяты Нурабад районының Жом аўылы, Әндижан қаласының Мустақиллик, Үргенш қаласының Ашхабад, Когон қаласының Бунёдкор мәҳәллериниң көриниси пүткиллей өзгерди.

2019-жылы Жиззақ, Наманган, Ташкент ўәлаятларының барлық район орайлары, Сурхандәрьяның Шарғун қалашасы, Бухараның Қаракөл районы орайы, Ферғананың Сўх районы орайы, Қашқадәрьяның Толлимаржон қалашасы ҳәм Әндижанның Боғишамол проспекти де тап усындай тәризде  абаданластырылды.

Халықтың мүрәжатлары тийкарында жолға қойылған және бир механизм себепли усы ўақытқа шекем 8 мың 840 тан аслам турақ жайсыз, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар, майыплығы бар шахслар, Меҳрибанлық үйлериниң питкериўшилери, аўыр жағдайдағы ҳаял-қызлар жеңиллетилген кредит ямаса турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында турақ жай, турақлы жумыс орны менен тәмийинленди. Мине усындай әмелий ҳәрекетлер себепли Президенттиң Виртуал қабыллаўханасына турақ жай менен тәмийинлеў мәселесиндеги мүрәжатлар 1,7 есеге азайған.

Халық пенен қарым-қатнастың мине усы нәтийжели системасы пүткил халықаралық жәмийеттиң де тән алыўына себеп болып, бул жумысларға жоқары баҳа берилип атыр.

Презентацияда бул бағдардағы исленип атырған кең көлемли жумыслар, олар берип атырған нәтийже, келешектеги режелер ҳаққында парламент ағзаларына көргизбели қураллар арқалы толық мағлыўматлар берилди. Депутатлар бул презентация парламент ағзаларының келешектеги жумысларына үлкен жәрдем болып, нызам дөретиўшилиги, парламентлик қадағалаў институтларынан нәтийжели пайдаланыўында әҳмийетли әмелий хызмет ететуғынын атап өтти.

 

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы