2019-2020-оқыў жылынан баслап Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Қаржы министрлиги тәрепинен тәжирийбе-сынаў тәризинде 2019-жыл 1-сентябрьден 2020-жыл 1-февральға шекем жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грант ҳәм стипендиялы төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлерге (мәмлекетлик грант тийкарында оқып атырған питкериўши курс студентлери буған кирмейди) стипендиялар базалық муғдарда (400 мың сум) төленген.

Бунда өзлестириў көрсеткишлери «жоқары» баҳалар болған студентлерге стипендиялар базалық стипендия муғдарына қосымша 15 процентлик муғдарда төленген.

Мәмлекетлик грант тийкарында оқып атырған ҳәм «жоқары» (рейтинг көрсеткишлери – 86 балл ҳәм оннан жоқары) және «жақсы» (рейтинг көрсеткиши – 71 балл ҳәм оннан жоқары) өзлестириў көрсеткишлерине ийе болған студентлерге 2019-жыл 1-сентябрьден 2020-жыл 1-февральға шекем ҳақыйқаттан да төленген және Министрлер Кабинетиниң 2001-жыл 17-августтағы 344-санлы қарары тийкарында төлениўи керек болған муғдарлар арасындағы парқлы сумма төлеп бериледи.

Студентлерге төленетуғын стипендияның парқлы суммасы системасында жоқары оқыў орынлары болған министрлик ҳәм мәкемелерге 2020-жыл ушын ажыратылған Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары шеңберинде төленеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.