Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында Хожели районы ҳәкими студент-жаслар менен ушырасты.

Ушырасыўда университет ректоры А.Реймов ҳәм Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёев 27-декабрь күни мәлимлеме-коммуникация технологиялары бағдарына байланыслы пәнлерди тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мектепте жаслар менен ушырасыўда олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өткен еди. Усы ушырасыўда Президентимиз «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўларының тәжирийбесин даўам еттириў, ҳәр ҳәптениң бир күнин Жаслар мәселелерин шешиў күни, ҳәр 15 күнде еки күнди тек ғана жаслар менен ислесиў күни етип белгилеў керек екенлиги атап өтилген еди.

Ҳәким ҳәм жаслар ушырасыўынан мақсет – жаслар арасында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, олардың елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўға деген умтылысларын арттырыў болып табылады.

– Университетимизде Хожели районынан қатнап оқып атырған жаслар оғада көп, -дейди ҚМУ архитектура факультети студенти Ш.Қалилаева. – Сонлықтан да, усы жаслар ушын арнаўлы транспорт ажыратылса мақсетке муўапық болар еди. Усы машқала себепли студентлердиң оқып, билим алыўында қыйыншылықлар, үзилислер болып атыр. Бүгинги ҳәким менен ушырасыўда усы мәселени көтердик, жақын арада машқала унамлы шешим табады, деген үмиттемиз.

– Районымызда тарийхый естеликлер, зыярат орынлары жүдә көп, -дейди Хожели районынан университеттиң Экономика факультети, туризм жөнелисинде оқып атырған И.Алламбергенова. –Бир ғана Назлымхан сулыў естелигиниң өзи көплеген сырт ел саяхатшыларының итибарын тартатуғын мәдений естелигимиз болып табылады. Солай екен, районда туризмди және де раўажландырыўымыз керек, деп есаплайман. Бул да мәмлекетимиздиң  раўажланыўына салмақлы үлес қосыўға хызмет етеди.

Илажда жаслар тәрепинен Хожели районында көшпели саўда орайын шөлкемлестириў, музей ҳәм тағы басқа да мәдений орынлардың санын және де көбейтиў, ҳаял-қызлар менен ислесетуғын орайды жаратыў сыяқлы усыныслар билдирилип, жоқары оқыў орынларын питкерген жасларды районда жумыс пенен тәмийинлеў, электр энергиясы ҳәм интернет тармағы менен байланыслы машқалалар да көтерилди.

Ушырасыў даўамында жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Н.АБДУЛЛАЕВА,

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң ҳәм «Инпресс» жас журналистлер клубының ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.