Усы жыл 4-февраль күни Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң буйрығы тийкарында республикамызда жумыс алып барып атырған 9 юрист-консультқа мәртебе дәрежелери тапсырылды.

Бүгинги күнде юрист-консультлар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде нызамшылықты тәмийинлеўде, әдилликти беккемлеўде айрықша орынға ийе болып табылады. Демократияның раўажланыўы, реформалардың нәтийжеси ҳәм жәмийеттиң гүллеп-жаснаўы көпшилик жағдайда суд системасы хызметкерлериниң билими ҳәм дәрежесине байланыслы. Усы тараўда Өзбекстанда ерисилген нәтийжелер халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жоқары баҳаланбақта.

Мағлыўмат ушын, мәртебе дәрежелер тийисли тәртипте қәнигелигин арттырған, аттестациядан өткен ҳәм бир жыллық (юридикалық хызметте) жумыс стажына ийе болған юридика хызмети тараўы хызметкерлерине бериледи. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде жумыс ислеп атырған юридикалық хызмет қәнигелерине мәртебе дәрежеси алдыңғы жумыс орны тәрепинен берилген арнаўлы дәрежелерди есапқа алған ҳалда, олардың ийелеп турған лаўазымына қарамастан, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде хызмет алып барып атырған юридикалық хызмет қәнигелерине мәртебе дәрежелерди бериў бойынша белгиленген реже тийкарында бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.