Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик стипендиясы – 1 811 191 сум;

 

Беруний, Ибн Сина, Наўайы, Улығбек, Имәм әл-Бухарий ҳәм Ислам Кәримов атындағы мәмлекетлик стипендиялары – 1 207 461 сум;

 

Мәмлекетлик грант ҳәм стипендиялы төлемли контракт тийкарында оқып атырған, барлық пәнлер бойынша тек ғана «жоқары» өзлестириў көрсеткишине (рейтинг көрсеткиши 86 балл ҳәм оннан жоқары) ийе болған студентлер ушын – 513 600 сум;

 

Мәмлекетлик грант ҳәм стипендиялы төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлер ушын базалық стипендия – 428 600 сум;

 

1- ҳәм 2-топар майыплығы болған студентлерге белгиленген стипендияларға 50 процент жоқары муғдарда стипендия тайынланады.

 

Айрықша қәбилет ҳәм талант ийеси болған, жәмийетлик жумысларда белсенди, сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж студентлерге белгиленген стипендияларға 50 процент жоқары муғдарда стипендия тайынланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.