2020-жыл 31-январь күни «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлерине төленетуғын стипендиялар муғдарларын белгилеў және стипендиялар тайынлаў ҳәм төлеў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2020-жыл 1-февральдан баслап студентлерге стипендия төлеўдиң жаңаша тәртиби енгизилди.

 

Яғный:

 

– мәмлекетлик грант, сондай-ақ, стипендиялы төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлер қатаң белгиленген 428 000 сум муғдарындағы базалық стипендия менен тәмийинленеди;

 

– оқыў семестриниң жуўмағы бойынша пәнлерден тек ғана «жоқары» өзлестириў көрсеткишине ийе (рейтинг көрсеткиши – 86 балл ҳәм оннан жоқары) болған мәмлекетлик грант, сондай-ақ, стипендиялы төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлердиң стипендиясы базалық стипендияға салыстырғанда 20 процентке көбейтилген ҳалда белгиленеди;

 

– оқыў семестриниң жуўмағы бойынша пәнлерден өзлестириў көрсеткишлери «жоқары» баҳа (рейтинг көрсеткиши – 86 балл ҳәм оннан жоқары) болған, стипендиясыз төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлер стипендияның базалық муғдарының 20 проценти муғдарында хошаметленеди;

 

– айырықша қәбилет ҳәм талант ийеси болған, жәмийетлик жумысларда белсенди, сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында оқып атырған барлық студентлер белгиленген стипендияларға қосымша рәўиште 50 процентке шекемги муғдарда хошаметленеди;

 

– халықаралық, республикалық ҳәм жоқары оқыў орны көлеминде өткерилген пән олимпиадалары ҳәм спорт жарысларының жеңимпазлары, сондай-ақ, жоқары оқыў орны кеңеси тәрепинен белгиленген критерияларға муўапық айрықша жағдайларда (наўқаслығы ямаса шаңарақ ағзаларының қайтыс болыўы сыяқлы) студентлерге базалық стипендияның 10 есесине шекемги муғдарда болған бир мәртелик хошаметлеў ямаса материаллық жәрдем бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.