Нөкис экономикалық колледжинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Олий Мажлиске Мүрәжатының мазмун-мәниси, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судлары  тәрепинен өткен жыл даўамында әмелге асырылған жумысларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының судьясы П.Дошмуратов  Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатының мазмун-мәнисине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей,  судтың еркинлигин толық тәмийинлеў – ең әҳмийетли ўазыйпаларымыздың бири болыўы зәрүр. Дәслепки тергеўде даўам етип киятырған нызам бузылыў жағдайларын тек ғана судлардың ҳақыйқый еркинликке ерисиўи арқалы сапластырыў мүмкин.

Енди суд арқалы инсанлардың ҳуқықы тикленгенин атап өтиў менен шекленип қалмастан, не себептен судқа шекемги болған тергеў процесинде инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери бузылған, деген сораўды да көлденең қоятуғын, басым өткериўлерге жуўап беретуғын ўақыт келди. Ески дүзимнен қалған ҳәм елеге шекем даўам етип киятырған суд қарарларын прокуратура тәрепинен шақырып алып, үйрениў әмелиятын шеклеў зәрүр. Енди тек ғана жумыс бойынша шағым келип түскен жағдайда прокурор суд қарарын алып үйрениўи мүмкин.

Мүрәжатта атап өтилгениндей, суд босағасына қәдем таслаған ҳәр бир инсан, Өзбекстанда әдиллик ҳүким сүрип атырғанына толық исеним пайда етиўи керек. Кери жағдайда, уллы немис философы Иммануил Кант айтқанындай, «Әдиллик жоғалған пайытта, өмирдиң қәдирин белгилейтуғын басқа ҳеш нәрсе қалмайды». Елимизде судьялар нызамлардың талмас қорғаўшылары, әдилликтиң беккем үстинлери болыўы лазым.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының судьясы А.Нурлипесов, Нөкис қалалық Ҳәкимшилик судының баслығы А.Салиев Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Нөкис қалалық Ҳәкимшилик судлары тәрепинен өткен жылы әмелге асырылған жумыслар бойынша толық мағлыўмат берди.

Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

 

Камалатдин ХОЖАМУРАТОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик

 суды судьясының аға жәрдемшиси.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.