Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-февраль күни сыртқы экономикалық жумыс системасын реформалаў бойынша тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлиске Мүрәжатында сыртқы саўдаға байланыслы қадағалаў системасы ҳәм инфраструктурасын жақсылаў, соның ишинде, сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, бажыхана постларында қадағалаўды әмелге асыратуғын бажыхана, санитария, карантин, ветеринария ҳәм басқа да уйымлардың жумысын реформалаў кереклигин атап өткен еди.

Бул тараўда узақ жыллардан берли системалы жумыслардың алып барылмағаны сыртқы саўда әмелиятында белгили бир қыйыншылықлар туўдырмақта. Жәҳән банкиниң «Бизнес жүргизиў» рейтингинде «Халықаралық саўда» бағдары бойынша мәмлекетимиз 190 мәмлекеттиң арасында 152-орында дизимге алынғаны да соннан дәрек береди.

Мәжилисте бул рейтингте мәмлекетимиздиң позициясын жақсылаў, жәҳән тәжирийбеси тийкарында қадағалаў уйымларының жумысын жетилистириў мәселелери додаланды.

Бизге белгили көплеген мәмлекетлерде жүклер шегараға жетип келместен бурын олар ҳаққында мәлимлеме берилип, жүктиң тез шығып кетиўи тәмийинленеди. Өзбекстанда болса өткен жылы 416 мың декларациядан тек ғана 344 и жүк шегараға келгенге шекем рәсмийлестирилген. Жүк ҳаққында алдыннан мағлыўмат бериў автомобиль транспортында 98 процентти қураса, темир жолда улыўма жолға қойылмаған.

Сол себепли қадағалаўды шегарада емес, ал жүклер кирип келиўинен алдын ямаса мәмлекеттиң ишинде еркин айланысқа шығарылғаннан соң әмелге асырыў системасын жолға қойыў бойынша тапсырма берилди.

Бүгинги күнде 1 мың 836 түрдеги товар бир ўақытта үш уйым тәрепинен тексерилетуғыны, ақыбетте импорт-экспорт ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ҳәптелеп созылып атырғаны сынға алынды. Бажыхана, ветеринария, карантин, санитария, стандарт, экологиялық уйымлардың жумыс усылын өзгертиўи, олардың тйикарғы ўазыйпасы өнимлердиң экспортын қоллап-қуўатлаўдан ибарат болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Товарлардың бажыхана баҳасын жедел анықлаў имканияты болмағанда, исбилермен төлеп сол ўақыттың өзинде өнимди алып кететуғын, оған анықлық киргизилгеннен кейин айырмашылықты төлейтуғын система енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда, жаңа Бажыхана кодексин ислеп шығыў, бажыхана уйымларының шөлкемлестириўшилик структурасы ҳәм ҳәкимшилигин жетилистириў ўазыйпасы қойылды.

Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының хызметкерлери егислик майданларға шығып, сырт мәмлекетлердиң химиялық ҳәм биологиялық қуралларын қолланыў бойынша талапларды дийқанларға түсиндиретуғын, әмелий жәрдем беретуғын структураға айланыўы керек екенлиги атап өтилди.

Президентимиз санлы технологияларды тартып, инсан факторын максимал қысқартыў арқалы коррупция ҳәм нызамсыз товар айланысын сапластырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Импорт өнимлериниң шегарадан баслап ақырғы тутыныўшыға болған ҳәрекети бажыхана ҳәм салық уйымлары тәрепинен бирден-бир электрон система арқалы қадағаланыўы керек. Мысал ушын, бажыхана декларациясын электрон есап-фактура ҳәм онлайн қадағалаў кассасына байланыстырыў арқалы бул мәселени шешиў мүмкин.

Соннан келип шығып, жуўапкерлерге рухсатнама ҳәм лабораториялық тексериў ҳүжжетлерин толық санластырыў, автоматластырылған «риск-анализ» системасын енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте жүклерди шегара пунктлеринен өткериў ўақтын қысқартыў мәселеси ҳәр тәреплеме додаланды.

Таллаўлар соны көрсетеди, кейинги 3 жылда қоңсы мәмлекетлер менен шегара арқалы өткен инсанлардың саны 2 есе, транспорт қуралларының саны дерлик 3 есе артқан. Бирақ ҳәзирги  инфраструктура бундай талапқа толық жуўап бермейди. Мәселен, айырым ветеринария ҳәм карантин пунктлеринде зәрүр үскенелер жоқ. Шегарадағы санитариялық ҳәм эпидемиологиялық хызмет те сыртқы қәўиплерге таяр емес.

Жүклердиң ағымын бөлистириў жумыслары ақылға уғрас шөлкемлестирилмеген. Бажыхана хызметинде постларды аралықтан қадағалаў системасы – Ситуациялық орайдың жоқлығы ақыбетинде постларда тығылыслықлар пайда болмақта. Бул исбилерменлер ушын да, мәмлекетлик бюджет ушын да артықша қәрежет келтирип шығармақта.

Сол себепли жуўапкерлерге шегера постларын заманагөй технологиялар менен үскенелеў, усы жылдың 1-октябрине шекем Ситуациялық орайды иске қосыў бойынша тапсырмалар берилди. Сондай-ақ, шегаралас мәмлекетлер менен жүклерди «бир бәндиргиде тексериў» системасын жолға қойыў керек екенлиги атап өтилди.

Сыртқы саўда қадағалаўы уйымлары сырт елдеги қәсиплеслери менен жақыннан ислесип, тәжирийбе алмасыўы, олардың тексериў-сынақ лабораторияларын елимизде шөлкемлестирип, товарларды сырт ел талапларына сай рухсатнамалар менен жөнетиўди жолға қойыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сыртқы экономикалық жумыс процесин әпиўайыластырыў ушын миллий нызамшылықты бажыхана, санитария-эпидемиология, транспорт, стандарт, ветеринария, карантин бағдарларындағы халықаралық келисимлерге үйлестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Мәжилисте кадрлар мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Бажыхана институтында оқытыў процеси заман талабына жуўап бермейтуғыны атап өтилип, оның жумысын түп-тийкарынан жетилистириў, сондай-ақ, ветеринария ҳәм карантин хызметкерлерин халықаралық стандартлар тийкарында қайта таярлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Жәҳән бажыхана шөлкеми менен ерисилген келисимге муўапық кадрлар потенциалын арттырыў бағдарындағы жумысларға тоқтап өтилди.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.

ӨзА