New Muynak City каналының мәлим етиўинше, усы жылдың бәҳәр мәўсиминде Мойнақ районында 3 мега-илажды өткериў жобаластырылмақта.
Анықластырып айтқанда, март айында «NavrUz» этнофестивалы, апрель айында миллий ат ойынлары – көкпар (ылақ ойыны), ат бәйгилери ҳәм т.б., сондай-ақ, май айында «Rally Muynak» автомото жарысы болып өтеди.
Еслетип өтемиз, Мойнақ районында «NavrUz» этнофестивалы өткен жылы 30-31-март күнлери болып өтип, онда И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң көргизбеси, мийманлар ушын 2,5 километрлик аралыққа атлар және түйелерде саяхат, миллий гүрес бойынша жарыс шөлкемлестирилип, республикамыз көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламалары, халық сейиллери шөлкемлестирилген еди.
Ал «Rally Muynak» автомото жарысы өткен жылы 3-4-май күнлери Мойнақ қаласынан Арал теңизиниң ҳәзирги суўы сақланып қалған жери – Ақтумсыққа шекем ҳәм усы бағдарда – Ақтумсықтан Мойнақ қаласына шекемги 364 километрлик аралықта өткерилген еди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.