Қубла Корея Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет министрлиги менен Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги арасындағы Бәнтликке рухсат бериў системасы тийкарында Өзбекстан пуқараларын Қубла Корея Республикасы аймағында жумысқа орналастырыў бойынша Бирге ислесиў меморандумы шеңберинде жерлеслеримиз усы мәмлекетте мийнет етиўи мүмкин, деп жазбақта «Sof.uz» сайты.

Пуқаралар Кореяға жумысқа кетиўи ушын Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Сыртқы мийнет миграциясы агентлигине мүрәжат етиўи керек.

 

Пуқараларға қойылатуғын тийкарғы талаплар:

 

– Өзбекстан Республикасының пуқарасы болыўы;

– Талабанның жасы 18 жастан 39 жасқа шекем болыўы;

– Кореец тилин билиўи;

– Судланбаған ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағынан шығыўға рухсаты (сырт елге шығыў паспорты) болыўы;

– Корея Республикасы аймағында болыў ҳәм басқа нызамларды бузбаған болыўы;

– Денсаўлығы жақсы ҳәм рең ажырата алмаў кеселлиги (дальтонизм) болмаўы;

– Корея Республикасында 5 жылдан артық мүддет даўамында ислемеген болыўы керек.

 

Еслетип өтемиз, пуқараларды Корея Республикасына жумысқа жибериў (Е-9 жумысшы виза) ҳуқықына ийе бирден-бир шөлкем Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги болып табылады, жеке меншик бәнтлик агентликлериниң буған ҳеш қандай ўәкиллиги жоқ.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.