Мүрәжатта жоқары билимлендириў системасының тийкарғы бағдары сыпатында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүрлиги және бир мәрте атап өтилди.
Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен кейинги жылларда жоқары билимлендириў системасында алып барылып атырған реформалардың баслы мақсети – маман ҳәм заманагөй билимге ийе кадрларды таярлаўда дүньяның раўажланған мәмлекетлери менен халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, усы арқалы елимиздеги жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, илимий хызметкерлердиң сырт ел университетлери, илимий изертлеў мәкемелеринде илимий ҳәм академиялық тәжирийбесин арттырыўы ушын имканият жаратыў жумысларына үлкен әҳмийет қаратылмақта. Усы көзқарастан, бүгинги күн студентлердиң сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде қысқа ҳәм узақ мүддетли оқыў-курслары, конференция ҳәм семинарларда қатнасыўын тәмийинлеў, сырт ел Жоқары оқыў орынлары менен биргеликте билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, билимлендириў процесине сырт елли маман қәнигелерди тартыў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўды талап етеди.
– Мәмлекетимиздеги жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринен бири Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети де бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда жақын жылларға мөлшерленген өз стратегиясын ислеп шығып, оның негизинде бир қатар нәтийжели жумыслар жолға қойылмақта, – дейди усы билимлендириў мәкемесиниң Халықаралық бирге ислесиў бөлиминиң баслығы Ш.Шаниязов. – Бул бағдарда кейинги жылларда ерискен нәтийжелеримиз буның айқын дәлийли болып есапланады.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети усы күнге шекем Россия Федерациясы, Қазақстан, Қырғызстан, Беларусь, Украина, Португалия, Польша, Словакия, Италия, Испания, Венгрия, Австрия, Германия, Қубла Корея, Әзербайжан, Қытай Халық Республикасы ҳәм Уллы Британия Патшалығының жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеў мәкемелери менен бирге ислесиў шәртнамасы ҳәм меморандумына қол қойылғанын атап өтиў керек. Өткен жылдың өзинде 20 ға шамалас сырт елдиң жоқары билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиў шәртнамасы ҳәм меморандумына қол қойыўға ерисилди. Атап айтқанда, дүньяның абырайлы «QS World University Rankings» мыңлық рейтингинде атап өтилген Россияның 4, Италияның 1, Испанияның 1, Португалияның 1, Қазақстанның 2, Украинаның 1, Австрияның 1 университети менен бирге ислесиў жумыслары жолға қойылды. Буннан тысқары, халықаралық бирге ислесиў, билимлендириў ҳәм мәденият шөлкемлери есапланған ITEC, DAAD, KOICA, JICA, TIKA, GIZ, British Council, «SES» сыяқлылар менен де тығыз бирге ислесиў байланыслары орнатылған. Усы бирге ислесиўдиң нәтийжесинде Қубла Кореяның шөлкеминен 1 волонтёр, Германияның «SES» шөлкеминен 1 қәниге университеттиң билимлендириў процесине турақлы тартылып, студентлерге корейс ҳәм немис тиллери бойынша сабақ берип келмекте.
Халықаралық бирге ислесиў жумысының өткен жылдағы ең үлкен жетискенлиги Россия Федерациясының Москва мәмлекетлик миллий изертлеў қурылыс университети, Астрахань мәмлекетлик университети, Беларусь Республикасының мәмлекетлик технология университети менен студентлерге еки тәреплеме диплом бериў имканиятын беретуғын биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларының (Double degree programs) енгизилиўи болды. Усы билимлендириў бағдарламалары 3 бакалавр тәлим бағдары ҳәм 8 магистратура қәнигелиги бойынша Аралбойы жасларының Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм сырт елли бирге ислесиўши жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыўды тәмийинлейди. Соның ишинде, 2019-2020-оқыў жылында бул биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларына 47 студент қабыл етилди. Келешекте Россия, Қазақстан, Словакия, Түркия, Қытай мәмлекетлериниң жетекши билимлендириў мәкемелери менен ҳәзирги дәўирде талап жоқары болған тәлим бағдарлары бойынша биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын енгизиў режелестирилген.
Университетте билим алыўға қоңсылас мәмлекет жасларының қызығыўшылығы жылдан-жылға артып бармақта. 2018-2019-оқыў жылында билим алған сырт ел студентлериниң саны 188 ди қурады.
Жоқары билимлендириў мәкемесинде профессор-оқытыўшылардың маманлығын арттырыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Соның ишинде, 2019-жылы 20 профессор-оқытыўшы сырт мәмлекетлерде шөлкемлестирилген қәнигелик арттырыў ҳәм стажировка курсларында қатнасып қайтты. Олардан 8 и «Эл-юрт умиди» қорының есабынан, 6 ы Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң гранты тийкарында стажировка ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларына жиберилген болса, 6 ы сырт елли бирге ислесиўши жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлериниң грантлары есабынан қәнигелигин арттырды.
Кейинги еки жылда университеттиң сырт ел профессор-оқытыўшыларын тартыў көрсеткиши де бираз артты. Мәселен, 2017-жылы университетте сабақ берген сырт ел профессор-оқытыўшыларының саны 10 ға жетпеген болса, бул көрсеткиш 2018-жылы 14, 2019-жылы 25 ке жетти. 2018-2019-оқыў жылында билимлендириў процесине мирәт етилген 39 профессор-оқытыўшының 10 дүньяның абырайлы «QS World University Rankings» мыңлық рейтингинде тән алынған сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң тәжирийбели профессор-оқытыўшыларына халықаралық интеграция ушын жол ашып, олардың сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестирилген академиялық алмасыў бағдарламалары, жойбарлар, оқыў курслары, семинар ҳәм конференцияларда қатнасыўына тийкар жаратып бермекте.
Нәтийжеде кейинги еки жылда университеттен 87 профессор-оқытыўшы сырт мәмлекетлерде академиялық алмасыў бағдарламалары, жойбарлар, оқыў курслары, семинар ҳәм конференцияларда қатнасып қайтты.
Университет студент-жасларының сырт мәмлекетлерде билим алыўы ҳәм шет тиллерин үйрениўи ушын барлық имканият жаратылған. Буған мысал сыпатында 2019-жылы 19 студент сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестирилген жазғы курс, семинар-тренинг, илимий-әмелий конференция, тил үйрениў курслары ҳәм симпозиумларда қатнасқанын атап өтиў керек. Атап айтқанда, еки студент Японияда өткерилген тил үйрениў курсында табыслы қатнасқан болса, 1 студент Словакияның Нитра аўыл хожалығы университети менен биргеликте «Институтлараралық студентлер ҳәм хызметкерлерди кредит мобильлик алмасыў» жойбары шеңберинде 10 айлық оқыў курсында билим алмақта.
Университетте Арал теңизи экологиялық машқаласының ақыбетлерин сапластырыў мақсетинде илимий-изертлеў жумысларын алып барыў, бул бойынша сырт елли бирге ислесиўшилерди тартыўға үлкен итибар қаратылған. Сол себепли, 2019-жылы Қытай Илимлер академиясы илимий-изертлеў институтлары менен Арал теңизиниң экологиялық машқаласын илимий үйрениўге бағышланған «Арал теңизи бассейниндеги экосистема ҳәм суў ресурслары» темасында Халықаралық илимий-әмелий семинар шөлкемлестирилди. Онда Қытай, Канада, Қазақстан мәмлекетлеринен 32 сырт ел илимпазлары ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.
Жоқары билимлендириў мәкемесиниң басшылары ҳәм профессор-оқытыўшылары 2019-жылдың октябрь айында Қытай Илимлер академиясының Синьцзян экология ҳәм география илимий изертлеў институты тәрепинен шөлкемлестирилген «Экология, қоршаған орталық ҳәм регионаллық турақлы раўажланыў» темасындағы Қытай-Өзбекстан өз-ара бирге ислесиў Симпозиумында қатнасып, илаж шеңберинде «Қытай ҳәм Өзбекстанның биргеликтеги басламасы – Арал теңизиниң регионын экологиялық қайта тиклеў» ҳаққындағы Урумчи Декларациясына қол қойылыўына еристи. Университет базасында «Экология ҳәм тәбиятты қорғаў» Өзбекстан-Қытай қоспа лабораториясын шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди. Буннан тысқары, Қубла Кореяның «WE Energy» ҳәм «Hanbеk Construction Co., Ltd» компаниялары менен биргеликте университетте ҳәр бириниң қуўатлылығы 350 Вт болған қуяш электр панельлери орнатылып, жойбардың инвестициялық баҳасы 30 мың АҚШ долларға тең болды. Бул қуяш электропанельлериниң талапларына әмелият өтеў ушын имканият жаратыў менен бирге жоқары билимлендириў мәкемесинде қуяш энергиясынан пайдаланыў тәжирийбесин де енгизеди.
2019-2020-оқыў жылында университетте Европа Аўқамының Эрасмус плюс бағдарламасының 5 жойбары әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, Словакияның Нитра аўыл хожалығы университети ҳәм Испанияның Гранада университети менен «Институтлараралық студентлер ҳәм хызметкерлерди кредит мобильлик алмасыў» жойбарлары шеңберинде студентлер ҳәм профессор-оқытыўшыларды академиялық алмасыў жолға қойылған. Бул жойбарлар шеңберинде университетте 2019-жыл даўамында 89 мың 747 евро муғдарындағы компьютер үскенелери ҳәм лаборатория үскенелери инвестиция тәризинде алып келинди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.