Мәмлекетимизде Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың туўылған күни мүнәсибети менен еслеў илажлары өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-январь күни Ташкент қаласындағы Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексине барып, Биринши Президентимиз естелигине гүл қойды.

​Шавкат Мирзиёев Биринчи Президентимиз хотирасига ҳурмат бажо келтирди ​

Мәмлекетимиздиң Биринши Президенти Ислам Кәримов шын мәнисиндеги абадан, уллы мәмлекетлик ғайраткер, дана сиясатшы еди. Оның басламасы ҳәм мәртлиги менен Өзбекстан өз ғәрезсизлигин қолға киргизди, суверен демократиялық мәмлекет сыпатында халықаралық көлемде тән алынды.

Биринши Президентимиз өз халқына, Ўатанына хызмет етиўдиң жоқары үлгисин көрсетти. Аўыр қыйыншылық ҳәм сынақларға қарамай, мәмлекетимизде тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, экономиканы раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бағдарында ерисилген салмақлы нәтийжелерде Ислам Кәримовтиң хызметлери шексиз. Сонлықтан Биринши Президентимиз халқымыздың жүрегинен терең орын алды, тек Өзбекстан емес, ал дүнья көлеминде үлкен ҳүрметке еристи.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң итибары ҳәм тийисли қарары менен оның естелеги мәнгилестирилди, ҳүрмети орнына қойылды. Биринши Президентимиз туўылған 30-январь күнин белгилеў жақсы дәстүрге айланды.

– Бул күнди мүнәсип өткериў бизиң өз тарийхымызға, ғәрезсизлигимизге болған ҳүрметимизди, халық, миллет сыпатындағы мәдениятымыз ҳәм дәрежемизди көрсетеди, – деген еди мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев.

Қуран оқылды. Ислам Кәримовтың көп қырлы жумысы, инсаныйлық пазыйлетлери еске алынды.

Гүл қойыў мәресиминде Президент Администрациясы, парламент палаталары ҳәм ҳүкиметтиң ағзалары, илим ҳәм мәденият ғайраткерлери, зиялылар, қала жәмийетшилиги қатнасты.

Сол күни Ислам Кәримов туўылып өскен ҳәм мәңги жерленген Самарқанд қаласында да халқымыздың уллы перзентиниң туўылған күни кеңнен белгиленди.

Жәмийетшилик ўәкиллери қаладағы Ислам Кәримовтың естелигин зыярат етти. Қуран оқыды.

Соннан кейин Регистан майданы жақынында өрнатылған Ислам Кәримовтың естелигине гүллер қойылды.

Қаршы қаласында да уллы Жолбасшымыздың естелиги гүллерге толды.

photo5303263972167887843.jpg

photo5303368034930502805.jpg

photo5302997035655474403.jpg

Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында Биринши Президентимиздиң туўылған күнине бағышланған мәдений-ағартыўшылық илажлар, еслеў кешелери өткерилди.

photo5303263972167887844.jpg

 

ӨзА