Конгресс Холлда Халықаралық пресс-клубтың гезектеги сессиясында Жаслар аўқамының баслығы Президенттиң парламентке мүрәжаты бойынша пикир-усынысларын ҳәм режелерин айтып өтти.
«Президентимиздиң мүрәжатындағы ең тийкарғы мәселелерден бири – жаслар темасы. Жасларға жумыс орынларын жаратып бериў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў бул тараўдағы тийкарғы ўазыйпалардан бири.
Өзбекстан халқының 60%и жаслардан қуралатуғын болса, сонша жас пенен бир шөлкем ислесе алмайды. 2020-жылда алдымызға қойған мақсет алдынғыларға бурынғыларынан өзгеше түрде, барлық шөлкемлерге жаслар менен ислесиў усылларының үлгилерин көрсетпекшимиз. Быйыл жаслар ушын 15 мың, 20 мың жаңа жумыс орнын жаратыўды режелестиргенбиз», деди Жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы Алишер Саъдуллаев.
Шынында да, бәрше ушын қызық, Жаслар аўқамы өндирисши шөлкем емес, ол қалай етип 20 мың жасларға жумыс орынларын жаратпақшы? Шөлкем буны әмелге асырыўға исенеди себеби ол бәрқулла ҳәрекетте.
ӨзА